Атап айтқанда, бүгинги күнде Термиз қаласында жәмийетлик транспорт хызметлериниң сапасын арттырыў, жолаўшылар ушын қолайлы ҳәм қәўипсиз шараятлар жаратыў мақсетинде 30 жаңа заманагөй автобус жөнелислерге шығылды.

«Universal elektrotexnik servis» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен сатып алынған «Zongtong» маркалы автобуслар қала жөнелислеринде жолаўшыларға хызмет көрсете баслады.

Илажда Сурхандәрья ўәлаяты ҳәкими Улуғбек Қосимов қатнасып, бәршени Ғәрезсизлик күни менен қутлықлады. Жаңа автобуслар халыққа қолайлы ҳәм сапалы транспорт хызметин көрсетиўде әҳмийетли орын ийелейтуғынын атап өтти.

Жаңа автобуслар төмендеги жөнелислерде қатнайды:

1-санлы жөнелис: Темир жол вокзалы - "Паттакесар" мәҳәллеси;

5-санлы жөнелис: «Истиқлол» майданы – «Тахта» базары – «Мангузар» мешити - Темир жол вокзалы – «Истиқлол» майданы (айланба жөнелис).