Өзбекстан Республикасы Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигиниң басламасы менен шөлкемлестирилген бул илажда еки мәмлекеттиң тийисли министрликлери ҳәм уйымлары, тармақ бирлеспелериниң басшылары, 500 ден аслам исбилермен топарлардың ўәкиллери қатнаспақта.
Көргизбеде электротехника, қурылыс материаллары, тоқымашылық, былғары аяқ-кийим, мебель ҳәм ағаш ислеп шығарыў, химия санааты, фармацевтика, аўыл хожалығы, азық-аўқат санааты ҳәм туризм сыяқлы тараўларға қәнигелескен 100 ге шамалас Өзбекстанның ири миллий компаниялары өз өнимлерин көрсетпекте.
Илаж шеңберинде «B2B ҳәм «G2B» сөйлесиўлери шөлкемлестирилмекте. Исбилерменлер жаңа байланыслар орнатыў ҳәм биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў имканиятларын додаламақта. Сондай-ақ, еки мәмлекет рәсмийлери өз-ара товар алмасыў көлемин арттырыў мақсетинде жаңа саўда шәртнамаларының техникалық ҳәм ҳуқықый тәреплерин де додалаў имканиятына ийе болмақта.
Қәнигелердиң атап өтиўинше, «Made in Uzbekistan» көргизбеси өзбек өнимлерин Пакистан базарына алып шығыў, еки мәмлекет исбилерменлери арасындағы байланысларды беккемлеў ҳәм жаңа инвестициялық жойбарларды жолға қойыўда әҳмийетли платформа болып хызмет етеди.
Илаж жуўмағында Өзбекстан ҳәм Пакистан кәрханалары арасында улыўма баҳасы 500 миллион долларлық саўда шәртнамаларына қол қойылыўы күтилмекте, деп хабар бермекте Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигиниң баспасөз хызмети.