Кейинги жыллары пайтахтымыз экономикасы ҳәм агломерациясы жедел раўажланып, Ташкент қаласының турақлы халқы 3,1 миллионнан асты. Соның менен бирге, 2045-жылға барып қала халқының саны еки еседен асламға көбейиўи прогноз етилмекте. Бул болса урбанизация процесслерин турақ жай фонды, транспорт-логистика ҳәм инженерлик тармақлары және социаллық инфраструктураға түсетуғын жүкке пропорционал түрде раўажландырыўды талап етеди.

Қала орталығын саламатландырыў ҳәм турмыс сапасын арттырыў мақсетинде жасыл аймақларды кеңейтиў тийкарғы ўазыйпа сыпатында белгиленди. Атап айтқанда, Ташкент қаласы ҳәм оған тутас аймақларда жасыл аймақлардың майданын 3 есеге көбейтип, 25 мың гектарға жеткериў, жасыл егинлер менен тәмийинлеўди арттырыў режелестирилген.

Өткен дәўирде интакерлер тәрепинен улыўма майданы 2 мың 679 гектар болған 85 жойбар усынысы билдирилген. Презентацияда оларды комплексли көрип шығыў нәтийжелери бойынша мәлимлеме берилди.

Үйрениў даўамында ҳәр бир жойбарды бирден-бир қала қурылысы көзқараслары тийкарында баҳалаў, аймақтың кеминде 30 процентинде жасыл аймақлар шөлкемлестириў имканиятының бар екенлиги, ескирген орынларды реновация арқалы комплексли жаңалаў, бир гектарға шекемги жер участкаларында анық имарат қурыў әмелиятынан ўаз кешиўге айрықша итибар қаратылды.

Көрип шығыў жуўмақлары бойынша 18 жойбарды әмелге асырыўға руқсат бериў, 12 жойбарды жер майданы, қабатлығы ҳәм концепциясына өзгерислер киргизген ҳалда оптималластырыў, 54 жойбарды толық концептуаллық қайта көрип шығыў зәрүрлиги атап өтилди.

Янги ҳаёт районындағы "Жаңа әўлад" арнаўлы санаат зонасын кеңейтиў режелери де айрықша көрип шығылды. Ири санаат кәрханаларын Ташкент қаласының орайынан басқышпа-басқыш көширип, экологиялық талапларға жуўап беретуғын, жоқары қосымша қунлы өндирислерди жайластырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Мақулланған жойбарлардың әмелге асырылыўы нәтийжесинде жылына қосымша 1,5 миллиард долларлық жалпы аймақлық өним қәлиплесип, бюджетке 3,5 триллион сум түсим ҳәм 260 мың жумыс орны жаратылыўы күтилмекте.

Презентацияда жасыл аймақларды кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Жойбарлар аймағының кеминде 30 проценти, яғный дерлик 400 гектар жасыл аймақлар болыўы керек екенлиги атап өтилди. Буннан тысқары, Ташкент қаласындағы 9 орында улыўма майданы 134 гектар болған жаңа жәмийетлик парклер шөлкемлестириў режелестирилген. Бул усыныслар мақулланды.

Әмелге асырылатуғын жойбарлар бойынша инфраструктура төлемлеринен түсетуғын қаржыларды биринши гезекте жаңа жасыл аймақлар жаратыўға, қалған бөлеги қала инфраструктурасы объектлерин қурыўға қаратыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Президентимиз пайтахтымызда урбанизация процесслерин жәмийетлик мәплер, саламат қала орталығы талаплары ҳәм экологиялық стандартлар менен үнлес ҳалда раўажландырыў бойынша тапсырмалар берди.