баннер
27 Apr 2025
02:01

    "Правда Востока" газетасы 108 жаста!

    "Правда Востока" газетасы 1917-жыл 2-апрельден "Наша газета" аты менен басып шығарыла баслаған. 1924-жылдан "Правда Востока" деп аталған газета 1975-жылдан баслап ҳәр күни басып шығарылады.

    Ассалаўма әлейкум, ҳүрметли газета оқыўшылары, ҳүрметли оқыўшылар!

    Бүгин "Правда Востока" газетасы 108 жасқа толды.

    Бизге белгили, елимизде баспа басылымлардың тарийхы узақ жылларға барып тақалады. Соның ишинде, мәмлекетимизде 1906-жылы 27-июньде биринши газета басып шығарылған болып, ол "Тараққий" аты менен белгили болған.

    "Правда Востока" газетасы болса 1917-жыл 2-апрельден "Наша газета" аты менен басып шығарыла баслаған.

    1924-жылдан "Правда Востока" деп аталған газета 1975-жылдан баслап ҳәр күни басып шығарылады.

    "Правда Востока" газетасы Өзбекстандағы ең ески жәмийетлик-сиясий басылым есапланады.

    Бүгин газетаның 30 мыңнан аслам саны - анығырақ айтатуғын болсақ, 30 641 саны оқыўшылардың қолына жетип барды.

    Бул болса барлық ғалаба хабар қураллары ишинде абсолют рекорд есапланады.

    Өткен 108 жыллық тарийх даўамында бул газетада көплеген пидайы, өз тараўының билимданлары мийнет еткен. Буннан тысқары, оқыўшылардың турақлы итибары ҳәм ҳүрметинде болып келген газета жүзлеген жаслар ушын шеберлик мектеби ўазыйпасын да атқарған.

    Атап өтиў керек, жанажан Өзбекстанымыз ғәрезсизликке ерискеннен кейин, бул басылым Министрлер Кабинети шөлкемлестириўинде басып шығарыла басланды. Ҳүкиметимиздиң 2020-жыл 3-январьдағы қарары менен "Правда Востока" газетасының редакциясы "Янги Ўзбекистон" ҳәм "Правда Востока" газеталарының редакциясы" сыпатында қайта шөлкемлестирилип, еки газета бир редакцияға бирлести.

    Газета өткен жыллар даўамында мәмлекетимизде болып атырған ўақыя-ҳәдийселерди өз оқыўшыларына үзликсиз жеткерип берип атырған басылым болып, бүгин медиа-конвергенция тийкарында заманагөй сайт ҳәм социаллық тармақлардағы рәсмий бетлери арқалы пүткил дүньяға мәлимлеме тарқатпақта.

    Бүгинги күнде редакция басылымның жақсы дәстүрлерин қәстерлеп сақлаў, халықтың қалыс ҳәм исенимли мәлимлемеге болған талабы менен ҳуқықын тәмийинлеў бағдарында избе-излик пенен жумыс алып бармақта.

    "Правда Востока" бүгинги күнде де көплеген журналистлер, аналитиклер, жазыўшы ҳәм шайырлар, жәмийетлик ғайраткерлер ҳәм барлық оқыўшылар ушын минбер сыпатында хызмет етип келмекте. Итибарлысы, "Правда Востока"да ҳәзирги ўақытта жумыс алып барып атырған журналистлердиң көпшилигин жаслар қурайды.

    Бүгин "Правда Востока" газетасы Өзбекстан ҳәм сырт ел турмысы ҳәм елимизде ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен әмелге асырылып атырған үлкен реформаларды жедел ҳәм избе-излик пенен сәўлелендирип келмекте.

    Редакция буннан кейин де өз алдына қойылған ўазыйпаларды шын кеўилден, пидайылық пенен орынлаўды даўам етеди.

    Пурсаттан пайдаланып, "Правда Востока" газетасының 108 жыллық байрамы менен барлық оқыўшыларымызды, татыў редакция жәмәәтин, усы басылымда мийнет еткен устаз журналистлерди, ҳүрметли кәсиплеслеримизди қызғын қутлықлаймыз.

    Жәмәәтке күш-қуўат, жаңа дөретиўшилик табыслар тилеймиз!

    Салим Дониёров,

    "Янги Ўзбекистон" ҳәм "Правда Востока" газеталарының бас редакторы.


    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech