Концепцияға муўапық, бүгинги күнде Өзбекстанда 50 ден аслам улыўма халықлық байрамлар, белгили сәнелер, кәсиплик байрамлар ҳәм халықаралық күнлер ҳәр қыйлы дәрежеде белгиленбекте.

Ҳәр бир улыўма халықлық байрамның өзине тәнлигин есапқа алған ҳалда, олардың мазмунлы музыкалық атрибутлары, өзине тән намалары ҳәм ҳәр қыйлы элементлери ислеп шығылады.

Ҳәр бир улыўмахалықлық байрамның идеялық-руўхый мазмуны, келип шығыўы ҳәм жәмийетлик раўажланыўдағы әҳмийетин ашып беретуғын қолланбалар таярланады ҳәм кеңнен тарқатылады.

Улыўмахалықлық байрамлар шеңберинде "Ең қәбилетли жаслар" көргизбесин өткериў арқалы жаслардың жетискенликлерин ғалаба ен жайдырыўға қаратылған интерактив илажлар шөлкемлестириледи.

Байрам сәнелерине бағышланған көпшиликке белгили әдебиятлар, соның ишинде, "Өзбекстан байрамлары" китабы таярланады ҳәм басып шығарылады.