Қарарға киргизилген қосымшаларға бола, жоқары билимлендириў шөлкемлериниң питкериўшилерин жумыс пенен тәмийинлеген исбилерменлерге 5 миллиард сумға шекемги кредитлер 7 жыл мүддетке, соның ишинде, 2 жыллық жеңиллетилген дәўир менен, Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан 4 процентлик ставкада ажыратылыўы нәзерде тутылған.
Онда, жеңиллетилген кредитлер исбилерменлерге ҳәр бир миллиард сумға шекемги қаржылар ушын кеминде бир питкериўшини жумысқа қабыл етиў шәрти менен ажыратылады.
Кредитлер тийкарғы қаржыларды сатып алыў ҳәм айланба қаржыларды толтырыў ушын өндирис ҳәм хызмет көрсетиў жойбарларына ажыратылады.
Питкериўши менен мийнет шәртнамасы 2 жыл даўамында бийкар етилген жағдайда (исбилермен жеңиллетилген кредит алыўы ушын тийкар болған), кредит бойынша процент ставкасы мийнет шәртнамасы бийкар етилген күннен баслап коммерциялық ставкаға өзгереди.
Бирақ, белгиленген хызметкердиң орнына бир ай мүддетте басқа питкериўшини жумысқа қабыл етиў буған кирмейди.
Соның менен бирге, питкериўшилер арасында ең жақсы стартап ҳәм инновациялық жойбарлар таңлаўы шөлкемлестирилмекте.
Жеңимпазларға кеминде еки питкериўшини жумысқа қабыл етиў миннетлемеси менен бир миллиард сумға шекем грант қаржылары ажыратылады.









