Форум "Бирге ислесиў ҳәм илҳам: ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў" темасына бағышланды. Илаж даўамында ҳаял-қызлардың сиясий, социаллық ҳәм экономикалық белсендилигин арттырыўға қаратылған глобаллық әҳмийетке ийе мәселелер додаланды.
Танзила Нарбаева өзиниң шығып сөйлеген сөзинде ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен имканиятларын кеңейтиў, олардың потенциалын жүзеге шығарыў, парламентлераралық бирге ислесиўди беккемлеў әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Сондай-ақ, форум қатнасыўшылары усы жылдың апрель айында Ташкент қаласында болып өткен Парламентлераралық аўқамның 150-юбилей Ассамблеясының жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгенин айрықша атап өтип, усы Ассамблея шеңберинде өткерилген Парламент ҳаял-қызлары форумының айрықша орны ҳәм қабыл етилген Ташкент декларациясының тарийхый әҳмийетин тән алды.
Ҳәр бир ҳаял-қыздың ҳаўазы, арзыў-әрманлары, дүнья жәмийетшилигиниң тилеклеслик руўхы ҳаққында сөз болды. Өзбекстан ҳаял-қызлардың потенциалын жүзеге шығарыўға қаратылған комплексли қатнасты алға қойып атырғаны атап өтилди. Бул бағдарда парламентлераралық бирге ислесиўди беккемлеў, билим ҳәм жетекшилик имканиятларын кеңейтиў, апатшылық жағдайына түсип қалған ҳаял-қызларға әмелий жәрдем бериў бойынша басламалар билдирилди.
Шығып сөйлегенлер ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, олардың жәмийеттеги орнын беккемлеў тек ғана миллий мәп емес, ал инсанияттың улыўма раўажланыўы ҳәм тынышлыққа ерисиў жолындағы стратегиялық ўазыйпа екенин атап өтти.












