Пәрманға муўапық, судьялар жәмийетшилиги уйымларының бийғәрезлигин арттырыў мақсетинде Судьялар кеңеси ҳәм Судьялардың жоқары маманлық коллегиясының қоспа мәжилисин өткериў тәртиби бийкар етилмекте.
Кеңес Баслығына оның конституциялық статусынан келип шығып төмендеги ўәкилликлер бериледи:
судьяға қарата интизамий жумыстың тийкарсыз тоқтатылғаны ямаса тайынланған интизамий жаза жүз берген қылмысқа муўапық емеслиги анықланған жағдайда, маманлық коллегияларының қарарларын қайта көрип шығыў ҳаққында усыныслар киргизиў;
Кеңестиң структурасы ҳәм штатлар кестесин белгиленген штат бирликлери саны шеңберинде еркин түрде тастыйықлаў.
2025-жыл 15-декабрьге шекем Кеңестиң рәсмий веб-сайтында төмендеги мағлыўматлар ашық жәрияланады:
суд системасындағы бос басшылық ҳәм жоқары судьялық лаўазымлары ҳаққындағы мағлыўматлар, сондай-ақ, олардың орынларына таңлаўда қатнасыў тәртиби;
суд системасындағы судьялық лаўазымларына, соның ишинде, басшылық ҳәм жоқары судьялық лаўазымларына талабанларды таңлаў ҳәм тайынлаў процесиниң барлық басқышлары ҳаққындағы мағлыўмат.








