Усы жылдың биринши шерегинде инвестициялық жойбарлардың нәтийжесинде ҳәм коммерциялық банклердиң қатнасыўында 77 мың пуқара жумыс пенен тәмийинленген.
Улыўма, 2025-жылы 5 миллиард 700 миллион долларлық 166 инвестициялық жойбар әмелге асырылады. Бул арқалы 31 мың жумыс орны ашылады. 31 түрдеги жаңа өним алыў жолға қойылып, 1,5 миллиард долларлық экспорт имканияты жаратылады. Кәрханаларды турақлы энергия менен тәмийинлеў ушын 65 мегаватт жаңа қуўатлылықлар қурылады.
Бул жумысларды даўам еттирип, жылдың ақырына шекем жәми 305 мың халықты дәраматлы жумыс пенен тәмийинлеў мақсет етилген.
Презентацияда экономиканы диверсификациялаў, санаатты раўажландырыў, жаңа технологияларды енгизиў ҳәм өндирис қуўатлықларын кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. 2025-жылы экономикалық өсиў пәти 5,5 процентке жетиўи күтилмекте.
Президент жуўапкерлерге жойбарларды өз ўақтында орынлап, халықты дәраматлы жумыс пенен тәмийинлеў, жумыссызларды кәсипке бағдарлаў бойынша көрсетпелер берди.