Бул тармақ мәмлекетимиз санаатының драйверлеринен бири. Кейинги жети жылда экспорт көлеми 7 есеге өскен ҳәм географиясы 63 мәмлекетке жеткен. Ҳәзирги күнде тармақта 500 ге шамалас кәрхана болып, оларда 27 мыңнан аслам ўатанласларымыз жумыс ислемекте.

Бул потенциалды арттырыў мақсетинде усы жыл 22-январьда Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Электротехника санаатын раўажландырыўды жаңа басқышқа алып шығыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарары қабыл етилди. Оған муўапық, жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыўды хошаметлеў, инвестициялар ҳәм сырт ел брендлерин тартыў, тәжирийбе-конструкторлық жумысларды раўажландырыў илажлары көрилмекте.

Усы жылдың биринши шерегинде тармақта өндирис көлеми 7 триллион сумнан асқан. Дерлик 310 миллион долларлық өним экспорт етилип, бул көрсеткиш 1,3 есеге өскен.

Усы дәўирде 55 миллион доллар инвестиция өзлестирилген. Соннан 48 миллион доллары тиккелей сырт ел инвестициялары ҳәм кредитлери болып есапланады.

Сырт ел брендлери астында өтимли өнимлер ислеп шығарыў бойынша улыўма баҳасы 900 миллион долларға тең жойбарлар қәлиплестирилди. Ҳәзирги ўақытта техникалық процесслерди келисиў, зәрүр технологияларды жолға қойыў бойынша жумыслар алып барылмақта.

Презентацияда екинши шерекке ҳәм жылдың ақырына шекем мөлшерленген тийкарғы режелер де айтып өтилди.

Усы жылы өндирис көлемин 43 триллион сумға жеткериў, дерлик 5 триллион сумлық өнимлерди локализациялаў нәзерде тутылған. Улыўма баҳасы 656 миллион долларлық 71 жойбарды әмелге асырып, 4 мың 600 жумыс орнын ашыў мөлшерленген. Экспорттың муғдары 1 миллиард 700 миллион долларға, географиясы 68 мәмлекетке жетиўи күтилмекте.

Мәмлекетимиз басшысы дүньядағы экономикалық өзгерислер шараятында электротехника санаатында да раўажланыў траекториясын дурыс таңлап, базар талапларына тез бейимлесиў әҳмийетли екенлигин атап өтти. Локализациялаўды тереңлестирип, жоқары қосымша қунлы өнимлер алыў, заманагөй технологияларға мүнәсип маман кадрлар таярлаў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Жуўапкерлерге тармақтағы ҳәр бир кәрхана менен ислеп, санаат ҳәм логистика шынжырларында жүзеге келетуғын мәселелерди шешиў, экспорт географиясын диверсификациялап, жаңа базарлар табыў бойынша тапсырмалар берилди.