Бул ҳаққында ол Facebook тармағында жәрияланған видеомүрәжатында айтып өткен.

Мен оның тәрепдарыман, себеби таныс қәнигелердиң айтыўына қарағанда бул жүдә зыянлы ҳәм биз өз балаларымызды қорғаўымыз керек, - деди Бабиш.

Кейин ала бас министрдиң орынбасары Карел Гавличек ҳүкимет қадаған етиў имканиятын экспертлер менен додалап атырғаны ҳәм усы жылы усындай усыныс киргизиў нийетинде екенин қосымша етти.

- Ўақытты өткериўге болмайды. Социаллық тармақлар балалардың өмирин ойран етпекте, олар ҳақыйқатында да обаға айлана басламақта", - деди Гавличек CNN Prima News эфиринде.

Франция миллий мәжилиси январь айының ақырында 15 жасқа толмаған балаларға социаллық тармақлардан пайдаланыўды қадаған ететуғын нызам жойбарын биринши оқыўда қабыл етти. 2025-жылы Австралияда да усындай нызам күшке кирди - ол жерде 16 жасқа толмаған жас өспиримлерге социаллық тармақларға кириў қадаған етилди.

Февраль айының басында 16 жасқа толмаған балалар ушын социаллық тармақлардан пайдаланыўды қадаған етиў режелери ҳаққында Испания бас министри Педро Санчес мәлим етти, деп жазады rbc.ru.