Президент пәрманы менен бир қатар тайынлаўлар әмелге асырылды

    14 шілде 2025 1636

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң тийисли пәрманы менен:

    Эркин Турақулович Юлдашев Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының Комплаенс хызметиниң баслығы лаўазымына тайынланды;

    Азизбек Аллабергенович Урунов Өзбекстан Республикасы Президентиниң Жәҳән саўда шөлкеми бойынша ўәкили лаўазымына тайынланды ҳәм усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасы Президентиниң Жәҳән саўда шөлкеми мәселелери бойынша арнаўлы ўәкили лаўазымынан азат етилди;

    Азиз Юлдашевич Магрупов Өзбекстан Республикасы Президентиниң сыртқы инвестициялар бойынша ўәкили лаўазымына тайынланды ҳәм усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасы Президентиниң сыртқы инвестициялар мәселелери бойынша кеңесгөйи лаўазымынан азат етилди;

    Алишер Саидаббасович Султанов Өзбекстан Республикасы Президентиниң энергетика қәўипсизлиги бойынша ўәкили лаўазымына тайынланды ҳәм усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасы Президентиниң энергетика қәўипсизлиги мәселелери бойынша кеңесгөйи лаўазымынан азат етилди;

    Одил Қаландарович Абдураҳмонов Өзбекстан Республикасы Президентиниң спорт бойынша ўәкили лаўазымына тайынланды ҳәм усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Социаллық раўажланыў департаментиниң басшысы лаўазымынан азат етилди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates