Президент Администрациясында бир қатар тайынлаўлар әмелге асырылды

    14 шілде 2025 1709

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң тийисли пәрманы менен:

    Алишер Бахадирович Самадов Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Ҳуқықый экспертиза ҳәм комплексли таллаў департаментиниң баслығы лаўазымына тайынланды ҳәм усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳуқықый экспертиза ҳәм комплексли таллаў мәселелери бойынша кеңесгөйиниң орынбасары лаўазымынан азат етилди;

    Дониёр Бахтиёрович Кадиров Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Жәмийетлик қәўипсизлик ҳәм нызам үстинлиги бойынша департаментиниң баслығы лаўазымына тайынланды ҳәм усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳуқық қорғаў ҳәм қадағалаў уйымларының жумысын муўапықластырыў мәселелери бойынша кеңесгөйи лаўазымынан азат етилди;

    Гаянэ Олеговна Умерова Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Креатив экономика ҳәм туризм бойынша департаментиниң баслығы лаўазымына тайынланды ҳәм усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Социаллық раўажланыў департаменти баслығының орынбасары лаўазымынан азат етилди;

    Шерзод Икромович Асадов Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Коммуникациялар департаментиниң басшысы - Өзбекстан Республикасы Президентиниң баспасөз хаткери лаўазымына тайынланды ҳәм усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасы Президентиниң Баспасөз хаткери лаўазымынан азат етилди;

    Нодиржон Абдуқундузович Абдурахимов Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Мәжилислер ҳәм аймақларға сапарлар ушын аналитикалық контент таярлаў департаментиниң баслығы лаўазымына тайынланды ҳәм усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Режелестириў ҳәм мәлимлеме тәмийнаты департаментиниң баслығы лаўазымынан азат етилди;

    Бобур Ботирович Ходжаев Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Финанслық технологиялар, санластырыў ҳәм жасалма интеллект бойынша департаментиниң баслығы лаўазымына тайынланды ҳәм усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасы Президентиниң экономикалық раўажланыў мәселелери бойынша кеңесгөйиниң орынбасары лаўазымынан азат етилди;

    Зилемхан Ҳайдаров Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Ислер басқармасының баслығы лаўазымына тайынланды ҳәм усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Финанс-хожалық департаментиниң баслығы лаўазымынан азат етилди;

    Элла Анатольевна Джахангирова Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Илажларды шөлкемлестириў департаментиниң басшысы лаўазымына тайынланды ҳәм усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасы Президенти протоколының басшысы орынбасары лаўазымынан азат етилди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates