Елимиздиң барлық аймақларында кең көлемли дөретиўшилик жумыслары әмелге асырылмақта. Кейинги жылларда ҳәр бир ири жойбарды әмелге асырыў ҳәм инфраструктура объектлерин қурыўда энергия нәтийжелилигине тийкарғы итибар қаратылмақта. Соның ушын базальт шийки заты ҳәм оннан таярланатуғын энергия үнемлеўши плиталар, қурылыс материалларына талап артып бармақта.
Усы талап тийкарында шөлкемлестирилген кәрхананың баҳасы 26 миллион долларды қурайды. Жойбар шеңберинде жылына 30 мың тонна базальтты қайта ислеў қуўатлылығы иске қосылған. Бул 345 миллиард сумлық таяр өним ислеп шығарыў имканиятын береди.
Өнимлер ишки базар менен бирге Тәжикстан ҳәм Аўғанстанға да жеткерип берилмекте.
Өндирис процеси ушын зәрүр шийки заттың 95 проценти ўәлаяттың Алтынсай районындағы кәнлер есабынан тәмийинленеди. Кәрханаға Қытайдан заманагөй үскенелер алып келинип орнатылған. 200 адам турақлы жумыс пенен тәмийинленген.
Президентимиз өндирис процесслери менен танысып, өнимлердиң сапасын буннан былай да арттырыў, локализациялаў дәрежесин арттырыў ҳәм экспортқа қолайлы бағдарларды раўажландырыў әҳмийетли екенин атап өтти.
Улыўма, қурылыс тараўының илимий тийкарларын беккемлеў, Қурылыс материаллары илимий-изертлеў институтын шөлкемлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы бул жерде Сурхандәрья ўәлаятының қурылыс материаллары санааты көргизбеси менен танысты.
Усының менен ўәлаятқа сапары жуўмақланды, Президентимиз Ташкентке жөнеп кетти.