Бул ҳаққында 19-январь күни БТА хабар берди.
Радев халыққа мүрәжат етип, 20-январь күни отставкаға шығыў ҳаққында арза жазатуғынын айтты. Ол вице-президент Илияна Йотованың "президент ўазыйпасын орынлаўшыға мүнәсип" болыўына исеним билдирди.
Reuters агентлигиниң атап өтиўинше, Радевтиң бул сөзи себепли оның өз сиясий партиясын дүзип, гезексиз парламентлик сайлаўларда қатнаспақшы екенлиги ҳаққында пикирлер пайда болған.
2016-жылдан берли Болгария президенти лаўазымында ислеп келген Румен Радев 2021-жылы жаңа бес жыллық мүддетке қайта сайланды. Президенттиң ўәкиллиги 2027-жыл январьда тамамланатуғын еди. Радев 2026-жылы Болгарияның евроаймаққа кириўине қарсы шыққаны менен белгили.
Радев Болгариядағы сиясий кризис ақыбетинде тез арада мәмлекетте төрт жыл ишинде сегизинши парламент сайлаўлары болып өтетуғынын жәриялады. Соңғы коалиция 2025-жылдың декабрине шекем, яғный салықларды арттырыў режелери себепли жүз берген ғалабалық наразылықлар себепли мәмлекет ҳүкимети отставкаға кеткенге шекем жасап келди, деп жазбақта meduza.io.