Ўәлаят орайын М-39 халықаралық автомобиль жолы менен байланыстырыў мақсетинде дерлик 290 миллиард сум қаржы есабынан 700 метрлик жаңа жол өткели ҳәм 4 километрлик автомобиль жолы қурылды. Жаңа жол бир суткада 14 мыңнан аслам транспорт қуралын өткериў қуўатлылығына ийе.
Бурын халық қалаға кирип-шығыў ушын 25 километр айланба жолдан пайдаланатуғын еди. Жаңа объект себепли аралық 4 километрге шекем қысқарды, ески участкадағы тығылыс машқаласы шешилди. Бул тек ғана айдаўшылар емес, ал исбилерменлер, логистика ҳәм хызмет көрсетиў тараўлары ушын да үлкен әҳмийетке ийе.
Заманагөй технология тийкарында металл конструкциялардан қурылған жол өткели 100 жылға мөлшерленген. Салыстырыў ушын, дәстүрий темир-бетон имаратлар 50 жыл әтирапында хызмет етеди, яғный хызмет мүддети еки есеге көбейтилген.
Жойбардың және бир әҳмийетли тәрепи жолаўшы ҳәм жүк поездларының өтиўинде автомобиллердиң ҳәрекетин тосыў зәрүрлиги бийкар етилди. Жол өткелиниң қурылысы арнаўлы транспорт - тез жәрдем, өрт өшириў ҳәм оператив хызметлердиң ҳәрекетлениўин бир қанша жеңиллестиреди.
Усы жерде Президентимизге атом энергетикасы жойбарларының орынланыўы ҳаққында мағлыўмат берилди.
Ҳәзирги ўақытта Жиззақ ўәлаятында 2 киши қуўатлылықтағы ҳәм 2 ири реактордан ибарат бир пүтинлестирилген атом электр станциясының қурылысы басланған.
Ҳәзирги басқышта реактор имаратлары ушын котлован қазыў жумыслары жедел алып барылмақта. Соның менен бирге қурылыс базасын таярлаў: аймақты тегислеў, бетонлаў, арматура орнатыў жумыслары да алып барылады. Қурылысшылар ушын ўақтыншалық турақ жай комплекси қурылды.
АЭС ушын зәрүр қурылыс материалларын локализациялаў, жоқары билимлендириў мәкемелеринде кадрлар таярлаўды кеңейтиў режелери таныстырылды.
Сондай-ақ, болажақ станция қәнигелери ҳәм олардың шаңарақ ағзалары ушын моноқала қурыў концепциясы көрсетилген. Қурылып атырған станциядан 16 километр узақлықта жайласқан бул қалаша 10 мың халыққа мөлшерленген болып, барлық зәрүр инфраструктура, социаллық ҳәм хызмет көрсетиў объектлери болады.
Президентимиз Жиззақ қаласының кириў бөлегин оңлаў бойынша бас реже ҳәм жойбарлар менен танысты.
Реновация бағдарламасы шеңберинде ескирген турақ жай фонды орнына заманагөй, қолайлы ҳәм қәўипсиз турақ жайлар қурыў режелестирилген. IТ-орай имаратын, өнерментшилик орайын қурыў, айырым комплекслерди реконструкциялаў ҳәм көшелерди абаданластырыў жойбарлары да таныстырылды.
- Жиззаққа келиўимизден мақсет - ўәлаяттың жаңа "өсиў ноқатлары"н анықлаў ҳәм олардың орынланыўын тәмийинлеў. Бүгинги Жиззақ кешеги емес. Ўәлаяттың потенциалы бир неше есеге артты, адамлардың өмирге, жумысқа мүнәсибети сезилерли өзгерди. Бул имканиятларды халықтың абаданлығын арттырыўға хызмет ететуғын анық жойбарларды жаратыўға қаратыўымыз зәрүр, - деди Президент.
Презентациялар жуўмағында жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.