Форумда Өзбекстан Республикасы ҳәм Бирлескен Араб Әмирликлери ҳүкиметлери, сырт мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлердиң жоқары мәртебели ўәкиллери, мәмлекетлик басқарыў тараўының жетекши экспертлери және жәмийетшилик ўәкиллери қатнаспақта.
Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде БАӘ Ҳүкимет ислери бойынша министри Муҳаммад ал-Гаргавийге усы илажды шөлкемлестириўге көрсеткен жәрдеми ушын шын жүректен миннетдаршылық билдирди. Президентимиз Бирлескен Араб Әмирликлери халқын ҳәм басшылығын жақынласып киятырған миллий байрам - Мәмлекеттиң дүзилген күни менен қызғын қутлықлады.
- Биз Жаңа Өзбекстанды "Халық мәмлекетлик уйымларға емес, мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек" деген ийгиликли идея тийкарында қурып атырмыз, - деп атап өтти Президент.
Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде бюрократия, артықша тәртип-қағыйдалар, халық ҳәм бизнес ушын ҳәкимшилик тосқынлықларды сапластырыўға тийкарғы әҳмийет қаратылмақта. Мәмлекетлик хызметлердиң миллий системасын түп-тийкарынан өзгертиў ҳәм санластырыў, мәмлекетлик уйымлардың жумысын оптималластырыў, мәмлекетлик структуралар ҳәм пуқаралар арасында тиккелей ҳәм ашық-айдын сөйлесиўди жолға қойыў бойынша системалы реформалар әмелге асырылды.
Кейинги жыллары республикамызда бюрократияны қысқартыўға қаратылған 9 пәрман ҳәм қарар қабыл етилди. Жаратылған Мәмлекетлик хызметлер орайлары, Бирден-бир мәмлекетлик хызметлер порталы, "Санлы ҳүкимет" системасы хызметлерди арзан, тез ҳәм ашық-айдын етти.
2017-жылы тек ғана 444 түрдеги мәмлекетлик хызметлер көрсетилген болса, бүгинги күнде олардың саны 1 мың 40 қа жетти. Көрсетилген хызметлер саны дерлик 10 есеге көбейип, 55 миллионнан асты. 90 нан аслам хызмет түрлери проактив ҳәм композит усылда көрсетилетуғын болды.
Мәселен, перзент туўылыўы менен байланыслы хызметлерди композит тәризде көрсетиў ҳәр жылы дерлик бир миллион пуқараға жеңиллик жаратады. Социаллық напақалар ҳәм жасқа байланыслы пенсиялар пуқаралардың мүрәжатысыз, автоматикалық түрде тайынланады.
Санластырыў арқалы 30 түрдеги хызметлерди реал ўақыт режиминде көрсетиў имканияты жаратылды. Усы жылдың өзинде 8 миллионға шамалас хызметлер автоматикалық тәризде көрсетилген. Электрон ҳүжжет айланысына өтилсе, халық жылына 23 миллиард сумды үнемлейди.
Буннан тысқары, бизнес ушын қолайлықларды арттырыў мақсетинде 160 тан аслам лицензия ҳәм рухсатнама түрлери бийкар етилди. Рухсат бериўге байланыслы 150 ден аслам ҳүжжет электрон түрде берилмекте. 140 тан аслам түрдеги мағлыўматнама ҳәм ҳүжжетлерди талап етиў толық бийкар етилди.
Мәмлекетлик хызметлер экстерриториал принцип тийкарында көрсетиле баслады. "Бизнести 15 минутта басла" принципи әмелиятқа енгизилмекте.
Президент бүгин бюрократияны азайтыў бойынша өз алдына бағдарлама тастыйықланғанын мәлим етти. Ҳүжжет "мәмлекет - халық", "мәмлекет - бизнес" қатнасықларында ҳәм мәмлекетлик аппарат ишинде бюрократияны сапластырыў, мәмлекетлик хызметлердиң максимал дәрежеде қолай экосистемасын жаратыўды нәзерде тутады.
- Бизиң мақсетимиз - 2030-жылға шекем Өзбекстанды бюрократиядан жырақ мәмлекетке айландырыў, - деди Президент.
Бағдарлама шеңберинде 2030-жылға шекем әмелге асырылатуғын әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп алынған. Атап айтқанда, мәмлекетлик хызметлердиң саны 1 мың 500 ге, электрон хызметлердиң үлеси 95 процентке жеткериледи.
Келеси жылдың өзинде қосымша 250 хызмет электрон түрге өткериледи. Атап айтқанда, транспорт қуралларын дизимнен өткериў, қосымша қун салығын қайтарыў ҳәм басқа да хызметлер электрон түрге өткериледи.
Жаңа Өзбекстанда қағаз ҳүжжетлер айланысынан пүткиллей ўаз кешиўди нәзерде тутатуғын "Қағазсыз ҳүкимет" системасы толық енгизиледи. Ҳәзирги 40 миллион ҳүжжеттен 25 миллионы санластырылады, 5 миллионы келеси жылдың өзинде.
Проактив ҳәм композит хызметлер саны 400 ге жеткериледи. Келеси жылдың өзинде 180 жаңа композит хызметлер пайда болады.
- Нәтийжеде пуқараға оның мүрәжатысыз хызмет көрсететуғын системаға өтемиз, - деди Президент.
Сондай-ақ, барлық мәмлекетлик хызметлер толық хатлаўдан өткериледи. Бир-бирин тәкирарлайтуғын, артықша ҳәм пуқараларға тийкарсыз жүкленетуғын талаплар бийкар етиледи.
Лицензиялаў ҳәм руқсат бериў, инженерлик тармақларына жалғаныў ҳәм қурылыс тараўларындағы 300 ден аслам тәртип-қағыйдалар әпиўайыластырылады. Мәселен, 4 түрдеги коммуналлық тармақларға жалғаныў бирден-бир арза тийкарында әмелге асырылады.
Хызмет көрсетиў мүддетлери кескин қысқартылады. 100 ден аслам хызмет түрлери ушын мүддетлер 50 процентке қысқартылады. 110 нан аслам түрдеги ҳүжжетлерди талап етиў толық бийкар етиледи.
Бирден-бир мәмлекетлик хызметлер порталы, "Лицензия" системасы, "Бир айна" бажыхана платформасы ҳәм колл-орайлар жасалма интеллект тийкарында ислейди.
Министрлик ҳәм уйымлардың жумысы ҳәр жылы арнаўлы санлы платформа арқалы баҳаланады. Жоқары нәтийжелерге ерискен мәкемелер ҳәм хызметкерлер хошаметленеди.
Бағдарламаның орынланыўын турақлы мониторинг етиў, министрликлер ҳәм уйымлардың бюрократияны азайтыў бойынша жумысын муўапықластырыў мақсетинде Бағдарлама офиси шөлкемлестириледи.
Халық ҳәм бизнес ушын бағдарлама шеңберинде тиккелей өз усыныслары ҳәм жаңа басламаларын билдириў имканиятлары жаратылмақта. Сондай-ақ, оларға мәмлекетлик уйымлардың бул бағдардағы жумысына баҳа бериў имканияты жаратылады. Оның ушын 3 миллион доллар сыйлық қоры шөлкемлестириледи.
Бул қор есабынан бюрократияны қысқартыў бойынша нәтийжели шешимлер усыныс еткен пуқаралар, бизнес ўәкиллери ҳәм мәмлекетлик хызметкерлерге айрықша ақшалай сыйлық бериледи. Қосымша номинациялар енгизиледи.
- Бюрократияны сапластырыў - мәмлекеттиң халыққа хызмет етиўге қаратылған тийкарғы ўазыйпаларынан бири. Биз сондай система жаратыўымыз керек, онда пуқара мәмлекетлик уйымға емес, ал мәмлекеттиң өзи ҳәр бир пуқараның алдына келип, машқаласын шешеди. Бул Жаңа Өзбекстан мәмлекетлик басқарыўының заманагөй ҳәм инсаныйлық көриниси болыўы керек, - деп атап өтти Президент.
Мәмлекетимиз басшысы шығып сөйлеген сөзинен соң рәмзий түймени басып, Бюрократияны сапластырыў бағдарламасына старт берди.
Ашылыў мәресими жуўмақланғаннан соң, Президентимиз жәмийетшилик ўәкиллери менен форумның әҳмийети ҳәм алға қойылған басламалар ҳаққында сөйлести. "Инсан қәдири ушын" идеясы мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған барлық реформалардың тийкарында туратуғыны, ҳәр қандай реформа, ҳәр бир қарар, ҳәр бир мәмлекетлик хызмет ҳәм ҳәр бир процесстиң орайында инсан мәплери турыўы керек екенлиги атап өтилди.