Бул темир жол қурылысы усы жылдың февраль айында басланған болып, оның улыўма узынлығы 55 километрди қурайды. Жойбар шеңберинде "Ургут" еркин экономикалық зонасында 2 темир жол ҳәм сонша жүк станциясы, бир қатар көпирлер қурылды. Келешекте бул линияны толық электрлестириў режелестирилген.
Жаңа жөнелис еки жуп қалалараралық поезд ҳәм тоғыз жуп жүк составларының ҳәрекетин тәмийинлейди. Жойбарды усы жылдың ақырына шекем жуўмақлаў режелестирилген. Поездлар ҳәрекетиниң жолға қойылыўы жылына 359 мың жолаўшыға хызмет көрсетиў ҳәм 8,2 миллион тонна жүк тасыў имканиятын береди.
Бул жөнелис Самарқанд қаласы, сондай-ақ, Жамбай, Пастдарғом, Тайлақ ҳәм Ургут районлары халқын қәўипсиз ҳәм заманагөй транспорт хызмети менен тәмийинлеўи менен айрықша әҳмийетке ийе. Сондай-ақ, ишки туризмниң раўажланыўына үлкен түртки береди.
Темир жол инфраструктурасы экономиканың әҳмийетли тармақларынан бири болып, бул жойбар "Ургут" еркин экономикалық зонасының потенциалын буннан былай да раўажландырыўға хызмет етеди. Жаңа линияның иске қосылыўы нәтийжесинде 130 жаңа жумыс орны жаратылады.
Мәмлекетимиз басшысы жәмийетшилик ўәкиллери менен бирге поезда Ургут қаласына жөнеп кетти.
Сапар даўамында Президентимиз жуўапкерлерге темир жол инфраструктурасын раўажландырыў, жолаўшыларға қолайлылықларды буннан былай да арттырыў, жөнелислерди электрлестириў ҳәм әтирапындағы аймақларды абаданластырыў бойынша қосымша тапсырмалар берди. Жол бойында әмелге асырылып атырған қурылыс ҳәм абаданластырыў жумысларына да итибар қаратты.
Ургут районы үлкен потенциалға ийе аймақ сыпатында барған сайын үлкен әҳмийетке ийе болып атырғаны атап өтилди. Жергиликли халық жоқары исбилерменлик руўхы менен ажыралады. Мәмлекетимиз экономикасы ушын стратегиялық әҳмийетке ийе бундай районларды раўажландырыўда заманагөй логистика ҳәм инфраструктура шешиўши орын ийелейди.
Ургутте жаңа темир жолдың пайда болыўы менен тосқынлықлар сапластырылады, экономикалық өсиўди шеклеп келген логистикалық "трамплар" сапластырылады. Жүк тасыў тезлеседи, өнимлердиң арзанласыўы ҳәм базарларға кириўи тезлеседи, инвесторлар ушын қосымша қолайлықлар кеңейип, ўәлаяттың бәсекиге шыдамлылығы артады.
Ең әҳмийетлиси, аймақта жаратылып атырған жаңа имканиятлар халықтың турмыс дәрежесине тиккелей унамлы тәсир етеди. Инфраструктура раўажланған орынларда жумыс орынлары көбейип, хызметлер жақсыланбақта, исбилерменлик жеделлеспекте