Мәҳәлле жаңа - 2021-жылы шөлкемлестирилген. Бул жердеги 48 көп қабатлы турақ жай ҳәм 625 ҳәўлиде 11 мыңнан аслам халық жасайды. Балалар бақшасы, спорт мектеби, шаңарақлық поликлиника, жеке меншик клиника, өндирис кәрханалары, дүкан ҳәм турмыслық хызмет шақапшалары бар. Быйыл 49 микро жойбар арқалы 116 пуқараның бәнтлиги тәмийинленди.
Бурын бул жерлер көримсиз еди. 2018-жылдан баслап заманагөй турақ жайлар, балалар ойын майданшалары ҳәм спорт майданшалары қурылды. Әтирап абаданластырылды.
Мәҳәллениң үш қабатлы имараты да усы жылы жаңадан қурылды. Оның биринши қабатында мәҳәлле баслығы ҳәм хызметкерлериниң ханалары, китапхана, жадидлер мүйеши жайласқан. Жоқарғы қабатларда анық пәнлер ҳәм шет тиллери бойынша оқыў орайы, фитнес зал жумыс алып бармақта. Подвал бөлиминде жасларды кәсипке бағдарлаў моно орайы шөлкемлестирилген.
Мәмлекетимиз басшысы усы шараятларды көзден өткерди. Мәҳәлле белсендилери ҳәм нураныйлар менен сәўбетлести. Олар соңғы жыллары Янгиҳаёт районы жедел өзгергени, жаңа транспорт жоллары ҳәм кәрханалар қурылып, турмыс жанланғанын айтты.
- Бүгин келиўимизден мақсет қабыл етип атырған қарарларымыздың нәтийжесин, адамлардың турмысын көриў. Тап усы райондағыдай, ҳәр бир аймақты раўажландырыў, адамларға қолайлықларды ҳәм жумыс орынларын көбейтиўге ҳәрекет етип атырмыз. Соның менен бирге, тәлим-тәрбияға, мәдениятқа үлкен итибар қаратып атырмыз. Билим ҳәм мәнаўият беккем болса, экономика да жақсы раўажланады, - деди Шавкат Мирзиёев.
Президент мәҳәлледеги 150 орынлық, заманагөй шараятлар жаратылған жеке меншик бақша жумысы менен де танысты. Ол усы жылы пайдаланыўға тапсырылған 16 қабатлы жайдың биринши-екинши қабатларында жайласқан. Мәкеме ханаларын үскенелеўде заманагөйлик ҳәм миллийлик үнлеслигине айрықша итибар қаратылған.
Мәҳәлледе жас балалы ҳаяллар көп. Олар ушын усы жерге жақын жерлерде тигиўшилик, кондитерлик сыяқлы бағдарларда жумыс орынлары жаратылмақта. Бул бақша олар ушын әдеўир қолайлы болды. Кеўли тыныш, жумыс пенен бәнт болады, шаңарағына қосымша дәрамат алып келеди.
Мәмлекетимизде әҳмийетли бағдарламалар әйне мәҳәллелерде әмелге асырылып атырғаны, системаға үлкен ўәкиллик ҳәм имканиятлар берилип атырғаны атап өтилди. Бул жумыслар олардағы абатлық, халықтың абаданлығында өз көринисин таўып атырғаны атап өтилди.