баннер
2 Mar 2025
12:45

    Президент мәмлекетлик стипендиясының жеңимпазы анықланды

    НМПИ таяныш докторанты Айболған Борашева Президент мәмлекетлик стипендиясының жеңимпазы болды,-деп хабар бермекте НМПИ баспасөз хаткери И.Мәтеков.

    2025-жыл ушын Өзбекстан Республикасы Президенти Мәмлекетлик стипендиясына таяныш докторантурада оқып атырған докторантлар арасында өткерилген таңлаўда Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты 13.00.02 – Тәлим ҳәм тәрбия теориясы ҳәм методикасы (инглис тили) қәнигелигиниң 3-курс таяныш докторанты Айболған Борашева социал-гуманитар пәнлер бағдары бойынша жеңимпаз болды.

    Улыўма 5 бағдар бойынша өткерилген таңлаўға 72 талабан ҳүжжет тапсырған болса, арнаўлы комиссия тәрепинен олардың арасынан 10 докторант, жеңимпаз деп табылды.

    Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, таяныш докторант А.Борашева ҳәзирги ўақытта «Elevating Willingness to Communicate via Flipped Classroom of ESP learners» («Арнаўлы мақсетлер ушын инглис тилин үйренетуғын студентлер арасында Flipped Classroom арқалы сәўбетлесиўге таярлығын арттырыў») темасында илимий-изертлеў жумысларын алып бармақта. Ол усы илимий темасы бойынша бүгинги күнге шекем сырт еллердиң абырайлы илимий журналларында 3 мақала, Жоқары аттестациялық комиссиясы қурамындағы илимий журналларда 8 мақала, халықаралық ҳәм республикалық конференцияларда 19 тезис жәриялаған ҳәм 1 сабақлығы баспадан шыққан.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.


    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech