Байрам намалары үлкен спорт байрамының басланыўынан дәрек берди. Стадионға регионаллық сайлап алыў жарысларын табыслы өткерген, жәҳән, Азия ҳәм Олимпиада чемпионлары болған спорчтшы ҳәм командалар шықты.
Илажда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев шығып сөйледи.
- Бүгин Жаңа Өзбекстанның тымсалына айланған мине усы үлкен Олимпия қалашасында сизлер менен биргеликте Президент олимпиадасы жарысларына старт беремиз. Пүткил елимиз жасларын олимпиада ҳәрекети қәдириятлары әтирапында бирлестиретуғын, елимизде биринши мәрте өткерилип атырған бул спорт байрамы менен бәршени қутлықлайман, - деди мәмлекетимиз басшысы.
Барлық тараўларда болғаны сыяқлы, реформалардың дәслепки күнлеринен баслап денетәрбия ҳәм спортты раўажландырыўға үлкен итибар қаратылмақта.
Кейинги сегиз жылда спортқа ажыратылып атырған жыллық қаржы 250 миллиард сумнан 3 триллион сумға, спорт тренерлериниң орташа мийнет ҳақысы 7 есеге арттырылып, 250 ден аслам ири объектлер қурылды, 100 ге шамалас спорт объектлери реконструкцияланды.
Мәҳәллелерде, әсиресе, алыс аўылларда 2 мыңға шамалас спорт майданшалары қурылып, 14 олимпиада ҳәм паралимпия орайы толық заманагөй инфраструктура менен тәмийинленди.
Бул илажлар мәмлекетимиз абырайлы халықаралық жарысларда жоқары нәтийжелерге ерисип, спорт раўажланған мәмлекетлер қатарынан орын алыўы ушын беккем тийкар жаратады.
Атап айтқанда, Парижде болып өткен Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынларында мәрт спортшыларымыз ҳақыйқый мәртлик ҳәм жигерлиликти көрсетип, 13-орынды ийеледи. Бул табыслы жолдың даўамы сыпатында быйылғы жылы жас спортшыларымыз Жәҳән универсиадасында 13-орынды ийелеген болса, Бахрейнде өткерилген жаслар арасындағы Азия ойынлары ҳәм Саудия Арабстанында болып өткен Ислам тилеклеслиги ойынларында мүнәсип түрде 2-орынды ийеледи.
Ең әҳмийетлиси, жас ул-қызларымыз жәҳән, Азия ҳәм Олимпиада ойынларында 50 ден аслам рекорд нәтийжелерге ерискени елимиздиң халықаралық олимпиада ҳәрекетиндеги орны ҳәм абырайын айқын көрсетпекте.
Футбол бойынша Өзбекстан миллий сайланды командасы биринши мәрте жәҳән чемпионатына жолламаны қолға киргизгени халқымыз 34 жылдан берли күткен тарийхый ўақыя болды.
Шахмат бойынша жәҳән кубогиниң ярым финалына бир ўақыттың өзинде еки шахматшымыз шыққаны, Жавоҳир Синдаров болса жәҳән шахмат тажы ушын талабанлар турнирине жоллама алғаны барлық ўатанласларымызды қуўандырды.
- Жаңа Өзбекстанның спорт тарийхын, әлбетте, руўхы күшли, мәрт ҳәм жигерли, жоқары интеллектуаллық потенциалға ийе жүзлеген ул-қызларымыз жаратпақта. Бундай қаҳарман спортшыларға даңқ! Олардың басында Ўатанымыз байрағы бәрқулла желбиреп турсын! - деди Президентимиз.
Бүгинги күнде барлық тараўлар сыяқлы спорт тараўында да кескин бәсеки жүз берип атырғаны атап өтилди. Бул болса абырайлы спорт жарысларына, соның ишинде, Олимпиада ойынларына таярлық системасын буннан былай да жетилистириўди талап етпекте.
Бул жумысларды ең төменги буўын - мәҳәлледен баслаў мақсетинде быйыл 15 миллион пуқара бес басқышлы ғалабалық спорт жарыслары менен қамтып алынды. Адаптив спортқа қаратылып атырған итибардың нәтийжесинде кейинги үш жылда пара спортшылардың саны дерлик жети есеге көбейди, 70 мыңнан аслам майыплығы болған шахслар ғалабалық спортқа тартылды.
Тараўды санластырыў ҳәм ашық-айдынлығын арттырыў есабынан барлық 10 мың мектеп ҳәм 9 мың райондағы ул-қызлар өз потенциалын көрсетиў имканиятына ийе болды.
Енди ең талантлы жасларды таңлап алыў ҳәм оларды үлкен спортқа бағдарлаў бойынша пүткиллей жаңа система - Президент олимпиадасы жолға қойылмақта.
Жарыстың районлық ҳәм ўәлаятлық басқышларында улыўма билим бериў мектеплериниң спорт дөгереклери, жеке меншик спорт клублары ҳәм 310 спорт мектебиниң 100 мыңнан аслам жигит-қызлары қатнасты.
Президентлик олимпиадасына ең жоқары нәтийжелерге ерискен 3 мыңнан аслам ул-қызларымыз келди. Олар спорттың 10 түри бойынша жарысларды баслады.
Жеңимпазлар арнаўлы сыйлықлар ҳәм ақшалай сыйлықлар менен сыйлықланады. Ең әҳмийетлиси, олар тиккелей миллий сайланды командаларға жибериледи.
Олар таярлықты жоқары дәрежеде даўам еттириў ушын олимпиада ҳәм паралимпия спорт түрлери бойынша таярлаў орайларына қабыл етиледи ҳәм ҳәр бирине стипендия бериледи.
Бир сөз бенен айтқанда, буннан былай ҳәр жылы өткерилетуғын Президент олимпиадасы жаңа талант ийелерин анықлаў ҳәм нәтийжели селекция майданы болып хызмет етеди.
Келеси жылдан баслап суў спорты, велоспорт, триатлон, қылышласыў ҳәм командалық спорт түрлери бойынша да жарыслар өткерилип, Президент олимпиадасындағы спорт түрлериниң саны 20 ға жеткериледи.
Келеси жылы Өзбекстанда 46-жәҳән шахмат олимпиадасы, 2027-жылы 20 жасқа шекемги жаслар арасында футбол бойынша жәҳән чемпионаты, 2029-жылы жаслар арасында Азия ойынлары өткериледи.
- Бундай ири жарыслар халқымыз, әсиресе, жасларымыз ушын ҳақыйқый байрам, үлкен шеберлик мектеби болып, мәмлекетимиздиң дослық ҳәм бирге ислесиў ели сыпатында халықаралық абырайын және де беккемлейди. Президентлик олимпиадалар системасы бундай жарысларда қатнасыў ушын белгили спортшыларды таңлап алыў, атап айтқанда, 2028-жылы Лос-Анжелес қаласында өткерилетуғын Олимпиада ойынларына ҳәр бир аймақтан лицензиялардың санын арттырыўға хызмет ететуғыны сөзсиз, - деди Президентимиз.
Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде үзилис жасап, қуўанышлы жаңалықты жәриялады. Шахмат бойынша жәҳән кубоги финалында гроссмейстеримиз Жавоҳир Синдаровтың жеңиске ерискени ҳаққындағы хабар қызғын қол шаппатлаўлар менен күтип алынды.
Президентимиз спорттың тәрбиялық әҳмийетине тоқтап өтти. Ҳәр қыйлы бузғыншы идея ҳәм мәлимлеме тәсирлери күшейип баратырған ҳәзирги қыйын заманда жас әўладты ҳәр тәреплеме саламат етип тәрбиялаў мәселеси айрықша әҳмийетке ийе екени атап өтилди.
- Бул бағдарда мен сизлердей ҳүрметли спортшыларға, тәрбияны спортсыз, спортты тәрбиясыз көз алдына келтире алмайтуғын ветеран ҳәм устазларға сүйенемен,-деди Президент.
Сөзиниң жуўмағында Президентимиз Олимпиада қатнасыўшыларына әўмет ҳәм табыслар тиледи.
Стадионға Өзбекстан байрағы алып кирилип көтерилди, мәмлекетимиз гимни жаңлады.
Олимпиада шырағы жағылып, үлкен спорт байрамы басланды.
Илаж театрластырылған мәдений бағдарлама менен даўам етти.
Мәресимнен соң Президент Шавкат Мирзиёев шахматшы Жавоҳир Синдаров пенен телефон арқалы сөйлести.
Мәмлекетимиз басшысы гроссмейстерди Ҳиндстанда болып өткен шахмат бойынша жәҳән кубогинде ерискен жарқын жеңиси менен өзиниң ҳәм барлық ўатанласларымыздың атынан қызғын қутлықлап, бул тарийхый жетискенлик пүткил халқымыз ушын қуўанышлы ўақыя болғанын атап өтти. Жас спортшымызға келеси жылы Кипрде болып өтетуғын Талабанлар турниринде табыслар тиледи.