Президентимиз Ҳуқық қорғаў академиясына барды

    Сиясат 16 желтоқсан 2025 718

    Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан Республикасы Ҳуқық қорғаў академиясының жаңа имараты ҳәм оқыў-илимий жумысы менен танысты.

    Академия Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 28-ноябрьдеги "Жынаятларды тергеў саласында маман кадрлар таярлаўдың сапа жағынан жаңа системасын енгизиў ҳаққында"ғы пәрманына муўапық Бас прокуратура Академиясы негизинде шөлкемлестирилген.

    Қысқа мүддетте академия тар қәнигелестирилген билимлендириў мәкемесинен бирден-бир көзқарас тийкарында прокуратура ҳәм тергеў-сорастырыў уйымлары ушын кадрлар таярлайтуғын, үзликсиз билимлендириў системасына ийе толық түрдеги қәнигелестирилген жоқары оқыў ҳәм илимий-изертлеў мәкемесине айланды.

    Академияның профессор-оқытыўшылары ҳәм басқарыўшы қурамы прокуратура уйымлары, ҳуқық қорғаў уйымлары, илимий ҳәм экспертлик мәкемелеринде әмелий жумыс тәжирийбесине ийе болған маман қәнигелерден қәлиплестирилген.

    Өткен дәўирде Академияға бириктирилген аймақта инфраструктура избе-из кеңейтилип, 5 қабатлы жаңа ҳәкимшилик имарат, заманагөй асхана, мийманхана ҳәм студентлер ушын коворкинг имараты қурылды, мәжилислер залы ҳәм китапхана толық реконструкцияланды.

    Буннан тысқары, 2 оқыў имараты ҳәм 2 жатақхана капитал оңланып, оқыўшылардың қамтып алыўы 2 есеге арттырылды. Ҳәзирги ўақытта ашық ҳәм жабық спорт комплекслериниң қурылысы даўам етпекте.

    Теория ҳәм әмелияттың тығыз байланысын тәмийинлеў мақсетинде криминалистикалық полигонлар, суд процесин имитациялаў ушын арнаўлы заллар, Гезелл айнасы менен үскенеленген сорастырыў ҳәм таныў ханалары, киберполигон, "даркнет" ҳәм суд-экспертиза лабораторияларынан ибарат 12 арнаўлы имарат шөлкемлестирилди.

    Академияда еки басқышлы жоқары билимлендириў - бакалавриат ҳәм магистратура системасы енгизилди. 2023-2024-оқыў жылынан баслап елимизде биринши мәрте "Ҳәр қыйлы система - бирден-бир қатнас" принципи тийкарында "Тергеў жумысы" ҳәм "Прокурорлық жумысы" бакалавриат тәлим бағдарлары бойынша оқытыў жолға қойылды. Келеси жылдан кибержынаятшылыққа қарсы гүресиўге бағдарланған "киберпрокурор" ҳәм "кибертергеўшилер"ди таярлаў бойынша "Киберҳуқық" бакалавр бағдарын ашыў режелестирилмекте.

    Магистратурада "Тергеў жумысы", "Прокуратура жумысы" қәнигеликлери, сондай-ақ, миллий билимлендириў системасы ушын тән болған "Коррупцияға қарсы гүресиў жумысы" ҳәм "Инсан ҳуқықлары тараўындағы халықаралық ҳуқық" бағдарлары бойынша кадрлар таярланады. 2025/2026-оқыў жылынан "Киберқәўипсизликти ҳуқықый тәмийинлеў" қәнигелиги бойынша магистрлер таярлаў жолға қойылады.

    Профессионал билимлендириўдиң сапа жағынан жаңа тәртиби енгизилип, оның шеңберинде үш жылда кеминде бир мәрте прокуратура ҳәм тергеў уйымлары хызметкерлериниң үзликсиз маманлығын арттырыў системасы тәмийинленди.

    Прокуратура уйымларының басшы кадрларын қайта таярлаў, жаңадан жумысқа қабыл етилген хызметкерлерди дәслепки қәнигелестириў, сондай-ақ, ўәкилликли уйымлардың сорастырыўшы ҳәм тергеўшилерин қайта таярлаў бойынша жаңа система жаратылды.

    Хызметкерлердиң жеке мүтәжликлерине тийкарланған аралықтан ҳәм аралас курслар, оқытыўдың электив модели кеңнен қолланылмақта. Бул ҳәр бир хызметкерге өзиниң хызмет жолы даўамында жеке билимлендириў бағдары бойынша үзликсиз тәжирийбе арттырып барыў имканиятын береди.

    Қәнигелестирилген портал арқалы жасалма интеллект технологиялары тийкарында аралықтан ҳәм аралас курслар енгизилген. Бунда реал тергеў әмелиятында жүзеге келип атырған машқалалы жағдайларды сәўлелендириўши АИ тийкарындағы виртуал ассистент ҳәм санлы симуляциялық видеоматериаллардан жедел пайдаланылмақта.

    Халыққа бийпул юридикалық жәрдем көрсетиў мақсетинде юридикалық клиника ҳәм арнаўлы электрон платформа жумысы жолға қойылды. Бул жумысқа студентлер тартылады ҳәм олар тәжирийбели қәнигелердиң басшылығында әмелий көнликпелерди қәлиплестиреди.

    Буннан тысқары, Коррупцияға қарсы гүресиў илимий-билимлендириў орайы шөлкемлестирилип, оның шеңберинде магистрлерди таярлаў, сондай-ақ, диссертация кеңесиниң жумысын илимий-методикалық жақтан қоллап-қуўатлаў әмелге асырылмақта.

    Кибержынаячтшылық ҳәм басқа да глобал қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў, бул тараўда маман қәнигелер таярлаў мақсетинде өткен жылы Президентимиздиң тийисли қарарлары тийкарында академия қурамында Санлы криминалистика илимий-изертлеў институты шөлкемлестирилген еди.

    Заманагөй киберлабораторияда 439 қурамалы санлы изертлеў ҳәм экспертизалар өткерилип, 189 кибержынаят ашылғаны дыққатқа ылайық.

    Академияның жойбарлаў офисинде АҚШ, Япония, Германия, Қубла Корея, Россия, Словения, Швеция сыяқлы мәмлекетлердиң экспертлери менен биргеликте 15 тен аслам жойбар әмелге асырылмақта.

    Академияда 10 илимий қәнигелик бойынша илимий кеңес жумыс алып бармақта, "Коррупция машқалалары" қәнигелиги бойынша кеңес мәмлекетимизде бирден-бир болып есапланады. Академияның илимий потенциалы үш жылда 26 проценттен 67 процентке артты.

    Президентимиз академияның суд процеси, сорастырыў ҳәм таныў имитациясы ушын мөлшерленген арнаўлы заллары ҳәм басқа да қәнигелестирилген аудиториялар, мәлимлеме-ресурс орайында жаратылған заманагөй шараятлар менен танысты, студент-жаслар менен сәўбетлести.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates