Соңғы бир жылда мәмлекетимизде медицинаны санластырыў жумыслары пүткиллей жаңа басқышқа көтерилди. Бул жумысты системалы жолға қойыў мақсетинде Денсаўлықты сақлаў министрлиги структурасында Санлы денсаўлықты сақлаў орайы шөлкемлестирилди.

Президентимизге усы орайдың Самарқанд филиалында әмелге асырылып атырған жумыслар таныстырылды. Ўәлаяттағы медицина мәкемелериндеги санластырыў процесслериниң барысы, кеселликлер, наўқаслар ҳәм дәри-дәрмақлар ҳаққындағы мағлыўматларды жыйнаў ҳәм қайта ислеўде қолланылып атырған программалық шешимлер ҳәм жасалма интеллект технологиялары, олардың қандай әмелий нәтийжелер берип атырғаны ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўмат берилди.

Атап айтқанда, денсаўлықты сақлаў тараўында DMED бирден-бир электрон мәлимлеме платформасы иске қосылып, оған 36 миллионнан аслам пуқараның медициналық мағлыўматлары киргизилди. Тез медициналық жәрдем хызметинде электрон басқарыў енгизилип, бригадалардың шақырыўға келиў ўақты қысқартылды.

Сондай-ақ, "Электрон рецепт" системасының енгизилиўи нәтийжесинде дәри-дәрмақларды тийкарсыз жазыў жағдайлары 40 процентке азайып, дәри-дәрмақлар айланысы ашық-айдын болды.

Елимиз бойлап мәмлекетлик медицина мәкемелери заманагөй мәлимлеме-коммуникация үскенелери менен тәмийинленди, бирден-бир санлы инфраструктура қәлиплестирилди. Үш мыңнан аслам медицина мәкемеси локал тармақларға жалғанған. Мыңлаған жаңа компьютерлер сатып алынып, системаның техникалық базасын түп-тийкарынан жаңалаў ҳәм беккемлеў имканияты жаратылды.

Президентимиз медицина тараўын раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын белгилеў, қаржы ҳәм ресурсларды дурыс бөлистириў, дәри-дәрмақлар айланысын тәртипке салыў, коррупцияны сапластырыўдың әҳмийетли қуралы болған санластырыў арқалы мәмлекеттиң денсаўлықты сақлаўға байланыслы барлық аналитикалық мағлыўматлардан пайдаланыў имканиятын тәмийинлеў зәрүр екенлигин атап өтти. Жуўапкер басшыларға бул бағдардағы жумысларды системалы даўам еттириў бойынша көрсетпелер берилди.

Мәмлекетимиз басшысы, сондай-ақ, наўқаслар ағымы, кеселлениў структурасы ҳәм емлеў сапасы турақлы терең талланып барылса, пүткил системаның нәтийжелилигин сезилерли дәрежеде арттырыў мүмкин екенлигин атап өтти.

Дәри-дәрмақ қуралларын бериўдиң ашық-айдынлығын тәмийинлеў ҳәм тәртипке салыў, лицензиялаў процесслерин әпиўайыластырыў мәселелери көрип шығылды.

Елимизде жүрек-қан тамыр кеселликлерин ерте анықлаў ҳәм жоқары технологиялы медициналық хызметлер көрсетиўди кеңейтиўге айрықша итибар қаратылмақта. Мәмлекетимиздиң барлық аймақларында болғаны сыяқлы Кардиология илимий-әмелий орайының Самарқанд филиалы да толық жаңаланып, заманагөй көриниске ийе болды.

Орайды раўажландырыў ушын жәми 52 миллиард сум қаржы қаратылып, кең көлемли реконструкция жумыслары әмелге асырылды. Бүгин орай 100 орынлық емлеў мәкемесине айландырылып, 262 түрдеги медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинленген.

Аймақлық қамтып алыўды кеңейтиў мақсетинде мобил диагностика системасы енгизилип, жети мыңға шамалас наўқас коронарографиядан өткерилди. Жойбар шеңберинде реанимация бөлими, ситуациялық орай ҳәм күтиў залы да заманагөй көринисте шөлкемлестирилди.

Орайда Самарқанд мәмлекетлик медицина университети менен биргеликте кадрлар таярлаўға да үлкен итибар қаратылмақта. Кардиохирургия бойынша клиникалық ординатура ашылып, жергиликли қәнигелердиң маманлығын арттырыўға хызмет етпекте.

Жаңа имканиятлар себепли жоқары технологиялы медициналық жәрдем түрлери сезилерли дәрежеде кеңейди. Атап айтқанда, жыллық жүрек-қан тамыр операцияларының саны 383 тен 590 ға жетти.

"Инфаркт ҳәм инсультқа қарсы гүресиў" миллий бағдарламасының презентациясы даўамында жүрек-қан тамыр ҳәм бас мий қан-тамыр кеселликлери статистикасы, бес жыллық кеселлениў динамикасы, Европа стандартларына сәйкес келетуғын миллий бағдарламалар, сондай-ақ, тәжирийбе жойбарының нәтийжелери ҳаққында мағлыўмат берилди.

Усы жерде жүрек-қан тамыр кеселликлери ҳәм инсультты ерте анықлаў, олардың алдын алыў ҳәм емлеў бойынша ислеп шығылған наўқасларды бағдарлаў системасы ҳаққында мағлыўмат берилди.

Президентимиз бундай орайлар медициналық хызметтиң сапасын арттырыў ҳәм халықтың саламатлығын жақсылаўда әҳмийетли орын ийелейтуғынын, Самарқандта жаратылған тәжирийбени басқа аймақларға да енгизиў зәрүрлигин атап өтти.

Соның менен мәмлекетимиз басшысының Самарқанд ўәлаятына сапары жуўмақланды, Президент Шавкат Мирзиёев Ташкентке қайтты.