Президент қашқадәрьялы белсендилер менен сөйлести

    Мәмлекетимиз басшысы Қаршы қаласынан Шаҳрисабзге жол алып баратырып, поездда қашқадәрьялы белсендилер менен қызғын сәўбетлести.

    Сөйлесиўде қала ҳәм аўыллардағы өзгерислер, халықтың турмысы, бүгинги тынышлықтың қәдири ҳаққында сөз болды.

    "Инсан қәдири ушын, инсан бахыты ушын" деген ийгиликли идея мәмлекетимиздиң жумыс бағдарламасына айланған. Усы тийкарда халықтың турмыс шараятларын жақсылаў, дәраматын ҳәм абаданлығын арттырыў, мәҳәллелерди абат етиў социаллық турмысымызда жетекши орынға шықпақта.

    Аймақлардың имканиятын толық иске қосыў, кәмбағаллықты қысқартыўға қаратылған бағдарламалар нәтийжесинде елимиздиң өзинде мүнәсип мийнет шараятлары жаратылмақта. Жаслар ҳәм ҳаял-қызлар дәраматлы кәсиплерге оқытылмақта.

    Экономикадағы структуралық өзгерислер нәтийжесинде санаат жедел раўажланбақта, алдынғы технологиялы кәрханаларда қосымша қун жаратылмақта. Аўыл хожалығы, туризм, транспорт, энергетика тараўларында үлкен жойбарлар иске қосылмақта.

    Президентимиз экономиканың раўажланыўы, халықтың кейпиятында жоллардың әҳмийети жоқары екенин атап өтип, бул бағдарда жуўапкерлерге тапсырмалар берди. Кейинги 2 жылда елимизде 40 мың километр жол ҳәм 540 көпир оңланған. Быйыл Қашқадәрьяда жәми 100 километр магистраль жоллардың оңланыўы режелестирилген. Бул жойбарларды жеделлестириў, жол бойларын абаданластырыў бойынша көрсетпелер берилди.

    Нуранийлар бул өзгерислерди халқымыз өз турмысында сезип атырғаны, реформаларға жоқары баҳа берип атырғанын айтты. Ҳаял-қызлар ўәкили ҳаял-қызларға барлық тараўларда кең имканиятлар берилгени, нәтийжеде олар өз шаңарағы ҳәм мийнет жәмәәтлеринде қәдир таўып, турмысынан разы болып жасап атырғанын айтып берди.

    No date selected
    July 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates