Президент саўғасы күтип алынды

    17 желтоқсан 2024 116

    Республикалық Руўхый ағартыўшылық орайы тәрепинен шөлкемлестирилген «Ең үлгили министрлик ҳәм уйым» сондай-ақ, «Ең үлгили район ҳәм қала» таңлаўының жеңимпазлары мүнәсип сыйлықланып, онда Қарақалпақстан Республикасы Беруний районы «Ең үлгили район ҳәм қала» номинациясында жеңимпазлықты қолға киргизип, Президент саўғасы «Дамас» автомашинасы менен сыйлықланған еди.

    Бүгин Беруний районының белсендилери ҳәм жаслардың қатнасыўында Президент саўғасы мүнәсип күтип алынды. Илажда шығып сөйлеўшилер бул жетискенлик пүткил район халқының жетискенлиги екенлигин сондай-ақ, райондағы руўхый ҳәм социаллық орталықты беккемлеўде мәҳәлле, билимлендириў мәкемелери ҳәм мәлимлеме ресурс орайларының орны айрықша екенлигин атап өтти.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.