Сапар даўамында мәмлекетимиз басшысына комплекстен нәтийжели пайдаланыў ҳәм оның туристлик потенциалын буннан былай да арттырыў, Имам Бухарийдиң бай илимий мийрасын қәстерлеп сақлаў, үйрениў ҳәм халықаралық көлемде үгит-нәсиятлаў арқалы ислам ағартыўшылығы ҳәм зыярат туризмин раўажландырыў бойынша берилген тапсырмалардың орынланыўы ҳаққында мәлимлеме берилди.
Президентимиз бул жумысларды избе-из даўам еттириў зәрүр екенлигин атап өтти.
- Бул уллы алым барлық илим-билимин бизге мийрас етип қалдырған. Бул илимий мийрасты буннан былай да раўажландырыў арқалы көбирек нәтийжелерге ерисиўимиз мүмкин.
Мен ҳәр сапары уллы бабамыздың мақбарасын зыярат еткенде халқымыздың абаданлығын, ҳәр бир шаңарақтың ырысқы-несийбеси көбейсин, деп пәтия етемен.
Уллы бабаларымыздың мийрасын қәстерлеп сақлаў ҳәм үгит-нәсиятлаў бойынша еле көп жумыс ислеймиз. Пүткил дүньядан адамлар Өзбекстанға келиўи, Ислам цивилизациясы орайы ҳәм Имам Бухарий комплексин зыярат етиўи ушын барлық шараятларды жаратамыз, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Президентимиздиң басламасы менен жаңадан қурылған естелик комплекси ислам дүньясының муқаддес зыярат етиў орынларынан бири болып, елимиз ҳәм сырт еллерден көплеген зыяратшыларды өзине тартып келеди. Бурын комплекс күнине 12 мыңға шекем мийманға хызмет көрсеткен болса, бүгинги күнде бул көрсеткиш 65 мыңнан артқан.
10 мың адамға мөлшерленген мешит, үлкен мақбара, бийиклиги 75 метрден болған төрт минара, көк гүмбезлер комплекске өзгеше саўлат бағышлаған. Алдынғы мәлимлеме технологиялары тийкарында шөлкемлестирилген инновациялық музейде муқаддес ислам дининиң тарийхы, пайғамбарлар өмири ҳәм ҳәдистаныўшы Имам Бухарий жумысы кеңнен сәўлелендирилмекте. Бул жерде де сийрек ушырасатуғын экспонатлар бар.
Ҳәзирги ўақытта комплексте зыяратшылар ушын барлық қолайлықлар жаратылған, хызмет көрсетиў халықаралық стандартларға жуўап береди. Бул жерде 20 дан аслам заманагөй мийманхана жумыс алып бармақта.