Соннан:
- глобал турақсызлық шараятында ҒМДА форматы турақлы ҳәм зәрүр структура сыпатында өзин көрсетип атырғанын атап өтип, итибарды бирге ислесиўдиң әмелий бағдарларына қаратыўды усыныс етти;
- барлық транспорт түрлери менен интеграцияласқан мәлимлеме-логистика орайларын жаратыў ҳәм транспорт тараўында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик мәселелери бойынша ҒМДА мәмлекетлери конференциясын Өзбекстанда өткериў басламасын алға қойды;
- арнаўлы экономикалық зоналарды қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў бойынша "жол картасы"н таярлаўды, сондай-ақ, ҒМДА Венчур платформасын жаратыў арқалы стартаплар ҳәм инновацияларды алға қойыўды усыныс етти;
- Өзбекстан Ташкент қаласында "ИННОПРОМ" көргизбеси шеңберинде ҒМДА инновациялық санаат форумын өткериўге таяр екенин билдирди;
- ҒМДА энергетика секторын инновациялық раўажландырыў бағдарламасын ислеп шығыў ҳәм дәстүрий және "жасыл" энергетика бойынша биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў усынысын билдирди;
- Санластырыў ҳәм жасалма интеллект тараўында көп тәреплеме әмелий ҳәрекетлер режесин ислеп шығыў, сондай-ақ, илим, билимлендириў ҳәм мәденият тараўларында бирге ислесиўди кеңейтиўди усыныс етти;
- Дипломларды өз-ара тән алыў бойынша жаңа мәмлекетлераралық келисимди таярлаў, сондай-ақ, Хийўа қаласында ҒМДА Жаслар форумын өткерип, Жаслар инновация лабораториясын шөлкемлестириў басламасын алға қойды;
- қәўипсизлик мәселелерине тоқтап өтип, ҒМДА мәмлекетлери сыртқы сиясат уйымлары ҳәм арнаўлы хызметлер арасында муўапықласыўды күшейтиў, сондай-ақ, Аўғанстандағы жағдайға айрықша итибар қаратып, бул мәмлекеттеги инфраструктуралық жойбарларда биргеликте қатнасыўды усыныс етти.








