"Усы халықаралық форумның кейинги қырқ жылда биринши мәрте ЮНЕСКО резиденциясынан тысқарыда - әййемги Самарқандта өткерилиўи Орайлық Азияның улыўма табысы, Өзбекстанның халықаралық майдандағы абырайы артып баратырғанынан дәрек екени ҳаққындағы жыллы сөзлериңиз биз ушын айрықша қәдирли.
Әнжуманда алға қойылған әҳмийетли басламалар ҳәм қабыл етилип атырған қарарлар билимлендириў, илим ҳәм мәденият тараўларында глобал бирге ислесиўдиң жаңа шеклерин ашады, дослық ҳәм өз-ара түсинисиў орталығын және де беккемлеўге хызмет етеди, деген пикирлериңизге толық қосыламан.
Халықларымыз арасында барған сайын беккемленип атырған туўысқанлық байланыслары ҳәм болажақ жоқары дәрежедеги еки тәреплеме сөйлесиўлер мәмлекетлеримиз арасындағы стратегиялық шерикликти сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет ететуғынына исенемен", делинеди хатта.








