Қуран аятлары оқылып, Алла тааладан халқымызға тынышлық-абаданлық тилеп пәтия етилди.

Уламалар менен сәўбетте ислам дининиң раўажланыўына үлкен үлес қосқан уллы алым Ҳәким Термизийдиң руўхый-ағартыўшылық мийрасын терең үйрениў ҳәм халықаралық жәмийетшилик арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў мәселелери додаланды.

Сондай-ақ, муқаддес динимиздиң жақсылыққа умтылыў, адамгершилик, мийрим-шәпәәт сыяқлы жоқары пазыйлетлерин үгит-нәсиятлаў, миллий қәдириятларымызды қәстерлеп-сақлаў ҳәм раўажландырыў, сол тийкарда жас әўладты жақсы идеялар руўхында тәрбиялаў, олардың қәлбинде Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық сезимлерин және де беккемлеў зәрүрлиги атап өтилди.

Кейинги жыллары қайта оңланып, және де абаданластырылған комплексте зыяратшылар ушын барлық шараят жаратылған. Мавзолейде үлкен жумыслар әмелге асырылды. Заманагөй жақтыландырыў, ысытыў ҳәм суўытыў системалары орнатылған. Комплекс аймағында қолайлы ықлымды қәлиплестириў мақсетинде 40 түрдеги 4 мыңнан аслам көп жыллық саяманлы тереклер ҳәм 20 мыңнан аслам мәўсимлик гүллер егилген.

Ислам илимлериниң тәфсир, ҳәдистаныў, фиқҳ, калом, ислам философиясы, суфизм тарийхы, суфизм пикири сыяқлы тараўларда көплеген шығармалар жаратқан ойшыл комплексиниң абаданлығын сақлаў, зыяратшыларға қолайлықларды кеңейтиў бойынша тийисли тапсырмалар берилди.