Күни кеше пайтахтымыздағы "Өзбекстан" халықаралық әнжуманлар сарайында болып өткен дәстүрий "Президент шыршасы" илажы балалардың кеўлине өзгеше қуўаныш бағышлап, оларды умытылмас тәсирлер инам етти. Байрам салтанатларына социаллық қорғаўға мүтәж, ата-ана қарамағынан айырылған, имканияты шекленген балалар мирәт етилди. Айрықша итибар ҳәм ғамқорлықтың айқын көриниси болған бул илаж ул-қызларды инсаныйлық ҳәм уллылық астында бирлестирди, меҳир бөлисти.
Өзбекстанда балаларды социаллық қорғаў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдары болып есапланады. Бүгинги күнде елимизде бала ҳуқықларын қорғаў ҳәм мәплерин тәмийинлеў бағдарында салмақлы ис-ҳәрекетлер әмелге асырылмақта. Әмелге асырылып атырған социаллық реформалар, әсиресе, балаларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға қаратылған кең көлемли бағдарламалар оған мысал бола алады. Жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалардың ҳуқықларын қорғаў, оларға сапалы тәлим-тәрбия бериў ҳәм социаллық қорғаў мақсетинде әмелге асырылып атырған кең көлемли жумыслар меҳир ҳәм жәрдем системасының халыққа жақынласып атырғанына, ҳеш ким итибардан шетте қалдырмағанына дәлил бола алады. Атап айтқанда, быйылғы жылы "Президент шыршасы" салтанатларының жоқары дәрежеде шөлкемлестирилиўи тийкарында да мине усы адамгершилик, ийгиликли ҳәм қайырлы мақсетлер орын алған.
- Байрам салтанатларында балалардың қуўанышының шексизлигин көрип, өзимниң де кеўлим жайнады, - дейди Наргиза Иброҳимова. - Балалар байрамларды жақсы көреди. Әсиресе, Жаңа жылды интизарлық пенен күтеди. Ҳәр қыйлы тамашалар, ертек қаҳарманлары, спорт жулдызлары ҳәм көркем өнер шеберлериниң шығыўы балаларда умытылмас тәсир қалдырды. Быйылғы байрамға перзентлерим менен келдим. Оларға өз ата-анасындай мүнәсибет етиўге ҳәрекет ететуғын болсақ та, бәри бир мәмлекетимиз меҳирин аңсайды. Президентимиздиң итибары болса олардың кеўлин таўдай көтереди. Бир ғана мысал айтсам: шемби күнлери перзентлеримиз ушын ҳәр қыйлы саяхатлар шөлкемлестирилмекте. Барлық қәрежетлер мәмлекетимиз тәрепинен қапланады. Олардың сол ўақыттағы қуўанышларын бир көриң! Бул жоқары итибар ҳәм бийғәрез жәрдем олардың ертең елдиң жумысына жарайтуғын перзентлер болып өсиўине тийкар жарататуғынына исенемен.
Ихтияр Раҳматуллаев ҳәм Наргиза Иброҳимовалар шаңарағында камалға келип атырған Сохан Богдананың да быйыл қуўанышы шексиз.
- Бул байрамға қатнасыўды жүдә қәлер едим, - дейди ол. - Елимиздиң белгили адамлары, көркем өнер ғайраткерлери, спорт жулдызларының шығыўлары оғада қызықлы болды. Олардан көп нәрселерди үйрендик. Жаңа жыл шынында да сыйқырлы байрам. Буны байрам тамашаларында да сездик.
Жаңа жыл руўхына сәйкес безелген сарай сахнасында заманагөй көринисинде көрсетилген "Аяз ата" театрластырылған ертек балаларды бир мүддет болса да арзыўлар әлемине шарлады. Қыйыншылықлардан қорықпаў, оларды жеңип өтиў, спортта белсенди болыўға шақыратуғын бул ертек ул-қызларда үлкен қызығыўшылық оятты.
- "Аяз ата" ертеги бизге излениўши, ҳәрекетте болсақ, әлбетте, алдымызға қойған мақсетлеримизге ерисиў мүмкин екенлигин үйретти, - дейди пайтахтымыздағы 238-мектептиң 9-класс оқыўшысы Асалой Михлиева. - Өз үстинде ислеў, спортқа үйрениў, мәртлик, исеним сезимлери инсанның кеўлин жетилистиреди. Байрам шөлкемлестириўшилерине үлкен рахмет. Биз байрам салтанатларында жаңа дослар таптық, ҳәммемиз биргеликте қуўаныстық.
Байрам бағдарламасы даўамында көрсетилген театр тамашалары, интерактив ойынлар, цирк көркем өнер шеберлериниң қызықлы шығыўлары ҳәм белгили эстрада қосықшыларының қосықлары балаларға қуўаныш бағышлады.
Илаж соңында "Инсан" социаллық хызметлер орайлары арқалы балаларға саўғалар тарқатылып, оларға байрам кейпияты бөлистирилди.
"Президент саўғасы" бағдарламасы шеңберинде республикамыз бойлап жәми 10 282 Меҳрибанлық ҳәм Мүриўбет үйлери ул-қызлары, SОS - балалар мәҳәллелери, Нәрестелер үйи, Шаңарақлық балалар үйи тәрбияланыўшылары, ата-ана қарамағынан айырылған балалар, елимиз тынышлығы жолында қурбан болған ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлериниң перзентлери ушын 12 атамадағы оқыў қураллары ҳәм 15 атамадағы мазалы өнимлерден ибарат Президент саўғалары таярланды.
Елимизде байрам алдында мийрим-шәпәәт, ғамқорлық ҳәм сақаўат көрсетиў дәстүрге айланған. "Президент шыршасы" ҳәм "Президент саўғасы" бағдарламалары елимиздиң басқа аймақларында да даўам еттирилип, көрсетилип атырған итибар ҳәм қоллап-қуўатлаў балалардың келешекте жәмийетте мүнәсип орын ийелеўи ушын беккем тийкар жаратпақта.
Себеби, олар ата-ана қарамағынан айырылған болса да мәмлекетимиздиң итибарынан шетте қалмағанын сезинеди. Президентимиздиң атап өткениндей, перзентлеримизге еткен ҳәр бир жақсылығымыз он жақсылық болып қайтады.
Рисолат МАДИЕВА,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы