Сапар бағдарламасына муўапық, мәмлекетимиз жетекшиси Түркменстанның турақлы бийтәреплиги жәрияланғанының 30 жыллығы, Халықаралық бийтәреплик күни ҳәм 2025-жылдың "Халықаралық тынышлық ҳәм исеним жылы" деп жәрияланыўына бағышланған халықаралық форумда қатнасыўы нәзерде тутылған.
Ашхабад қаласында болып өтетуғын илажда сырт еллердиң мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшылары, халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлердиң басшылары да қатнасады.
Өзбекстан Республикасы Президенти форумның жалпы мәжилисинде "Тынышлық ҳәм исеним: турақлы келешек мәплери жолындағы мақсетлер бирлиги" темасында шығып сөйлейди.
Саммит шеңберинде Өзбекстан басшысы бир қатар еки тәреплеме ушырасыўлар да өткереди.








