АҚШтың бул жетекши корпорациясы менен ири кооперациялық жойбарларды әмелге асырыў перспективалары көрип шығылды.

Мәмлекетимиз басшысы бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларын, соның ишинде, таў-кән санааты, металлургия, қурылыс тараўларында шерикликти кеңейтиў ҳәм қалалар инфраструктурасы ушын санлы шешимлерди енгизиўди көрсетип өтти.

Ушырасыў жуўмағында көп қырлы бирге ислесиўди және де раўажландырыў бойынша биргеликтеги "жол картасы"н қабыл етиўге келисип алынды.

«Eldridge Industries» – активлерди басқарыў, қамсызландырыў, көшпес мүлк, инфраструктура, технологиялар, спорт ҳәм медиа тараўларында жумыс алып баратуғын АҚШ инвестициялық холдинг компаниясы. 75 миллиард доллардан аслам активлерди басқарады.