Сапар бағдарламасына муўапық, мәмлекетимиз басшысы 9-10-октябрь күнлери Душанбе қаласында болып өтетуғын "Орайлық Азия - Россия" форматындағы екинши саммит ҳәм Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы Мәмлекет басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилисинде қатнасады.
Илажлар күн тәртибинен көп тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери орын алған.









