Өзбекстан Президенти әмелий сапар менен Түркменстанда болады

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедовтың мирәт етиўине бола 22-август күни "Әзербайжан - Түркменстан - Өзбекстан" форматындағы үш тәреплеме саммитте қатнасыў ушын әмелий сапар менен усы мәмлекетте болады.

    "Аваза" миллий туристлик зонасында болып өтетуғын илаждың күн тәртибине муўапық, көп тәреплеме бирге ислесиўди, бәринен бурын, саўда-экономикалық, транспорт-коммуникация, энергетика ҳәм гуманитарлық тараўларда раўажландырыў мәселелери көрип шығылады. Бир қатар қоспа ҳүжжетлерге қол қойылыўы нәзерде тутылған.

    Мәмлекетимиз басшысы саммит шеңберинде еки тәреплеме сөйлесиўлер де өткереди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates