Өзбекстан менен АҚШ арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеў ҳәм көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.
Мәмлекетимиз басшысы парламентлераралық байланысларға, атап айтқанда, Сенаттағы Орайлық Азия бойынша кокус жумысына жоқары баҳа берди.
Еки тәреплеме бирге ислесиўде мисли көрилмеген жоқары дәрежеге ерисилгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Өз-ара саўда көрсеткишлери өспекте, АҚШтың жетекши компаниялары менен табыслы кооперация жойбарларының саны көбеймекте.
Кейинги айларда рекорд баҳадағы келисим ҳәм шәртнамаларға қол қойылды. Бул ретки сапар етиў даўамында жаңа экономикалық ҳүжжетлерге қол қойылыўы режелестирилген. АҚШ Конгресси усы келисимлердиң әмелге асырылыўын қоллап-қуўатлаўы әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Сенатор Стив Дэйнс ўәкиллик етип атырған Монтана штаты менен жедел бирге ислесиўди даўам еттириўге айрықша итибар қаратылды. Мәмлекет исбилерменлери делегациясының Өзбекстанға сапарын шөлкемлестириў бойынша келисимге ерисилди.
Сондай-ақ, тәреплерди қызықтырған әҳмийетли халықаралық ҳәм регионаллық мәселелер бойынша пикир алысылды.








