Илажда Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин, Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон, Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов ҳәм Армения Бас министри Никол Пашинян қатнасты.
Ушырасыўда усы жылы биргеликте әмелге асырылған жумыслардың тийкарғы жуўмақлары додаланды ҳәм келеси жыл ушын тийкарғы ўазыйпалар белгилеп алынды. Регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша да пикир алысылды.
Өз-ара товар алмасыўды көбейтиў ушын қолайлы шараятларды буннан былай да қәлиплестириў, транспорт тараўындағы бирге ислесиўди тереңлестириў, өз-ара инвестициялардың өсиўин хошаметлеў ҳәм кооперация жойбарларын қоллап-қуўатлаў, энергетика ҳәм санластырыў тараўларындағы бирге ислесиўди күшейтиў, илим, билимлендириў, мәденият ҳәм көркем өнер тараўларында қоспа жойбарларды кеңейтиў, сондай-ақ, аймақлар арасында узақ мүддетли шерикликти раўажландырыў әҳмийетли екени атап өтилди.
Дослық Аўқамы мәмлекетлери арасында мәдений-гуманитарлық алмасыўды сақлаў ҳәм раўажландырыў, соның ишинде, жаслардың дөретиўшилик, инновациялық ҳәм интеллектуаллық потенциалын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў зәрүр екенлиги атап өтилди.











