Өзбекстан Президенти ЕАЭК саммитинде қатнасты

    Сиясат 22 желтоқсан 2025 562

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 21-декабрь күни Санкт-Петербург қаласында бақлаўшы мәмлекет басшысы статусында Жоқары Евроазия экономикалық кеңесиниң гезектеги мәжилисинде қатнасты.

    Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенконың басшылығында өткен бул ретки ушырасыўда Армения Республикасы Бас министри Никол Пашинян, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин де қатнасты.

    ЕАЭК жанындағы бақлаўшы мәмлекетлердиң басшылары - Куба Республикасы Президенти Мигель Диас-Канель ҳәм Иран Ислам Республикасы Президенти Масуд Пезешкиан қатнасыўшыларға видеомүрәжат жоллады. Сондай-ақ, мирәт етилген мәмлекет ўәкили сыпатында Индонезия Республикасы саўда министри Буди Сантосо қатнасты.

    Күн тәртибинен көп тәреплеме саўда-экономикалық бирге ислесиўди және де кеңейтиў, санаат кооперациясы жойбарларын қоллап-қуўатлаў, транспорт тараўын раўажландырыў, бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларында қоспа бағдарламаларды әмелге асырыў мәселелери орын алды.

    Өзбекстан Президенти сөзиниң басында ЕАЭК мәмлекетлери менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де кеңейтиў мәмлекетимиз сыртқы экономикалық сиясатының тийкарғы бағдарларынан бири екенин атап өтти.

    Бақлаўшы мәмлекет статусындағы кейинги төрт жылда Өзбекстанның Аўқам мәмлекетлери менен товар алмасыў көлеми дерлик еки есеге өсип, 20 миллиард долларға шамаласты.

    Евроазия экономикалық комиссиясы менен 2026-жылға шекем бирге ислесиў режеси избе-из әмелге асырылмақта, оған саўда, санаат, қаржы, агрокомплекс, транспорт ҳәм басқа да тараўлардағы 40 қа шамалас илажлар киргизилген. Биргеликтеги Жумысшы топардың бесинши мәжилисин келеси жылы Ташкент қаласында өткериў режелестирилген.

    Өзбекстан ЕАЭКның саўда ҳәм жүк тасыўды санластырыў, электрон коммерцияны енгизиў, климаттың өзгериўине қарсы гүресиў бағдарындағы бир қатар тармақлық бағдарламаларында белсене қатнаспақта.

    Жоқары Евроазия экономикалық кеңесиниң бул ретки мәжилиси шеңберинде Өзбекстан ҳәм ЕАЭК бажыхана шегаралары арқалы алып өтилетуғын товарлар ҳәм транспорт қураллары ҳаққында мәлимлеме алмасыў ҳаққында келисим дүзиў бойынша сөйлесиўлерди баслаў ҳаққында қарар қабыл етилди.

    - Трансшегаралық мағлыўматлар алмасыўы бажыхана қадағалаўының нәтийжелилигин арттырыўға, кешигиўлерди азайтыўға хызмет етеди ҳәм транспорт системаларымыздың Евроазия коридорларына интеграцияласыўына хызмет етеди, - деди мәмлекетимиз басшысы.

    Өзбекстан Президенти Евроазия экономикалық аўқамы менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларына айрықша тоқтап өтти.

    Атап айтқанда, өз-ара саўдада саўда тосқынлықларын басқышпа-басқыш сапластырыўға шақырды. Техникалық тәртипке салыў, санитариялық ҳәм фитосанитариялық нормалардағы қатнасларды жақынластырыў ушын ҒМДА ҳәм ЕАЭК институтлары арасындағы муўапықласыўды жеделлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди. Усы мәниде, Өзбекстан жетекшиси артықша тәртип-қағыйдаларды сапластырыў ҳәм талапларды унификациялаў бойынша "жол картасы"н ислеп шығыў усынысын билдирди.

    Техникалық жақтан тәртипке салыў, сертификатлаў ҳәм бажыхана ҳәкимшилигиндеги өзгешеликлер менен байланыслы мәселелерди жедел шешиў ушын тариф ҳәм тариф емес тосқынлықлар бойынша "Өзбекстан - ЕАЭК" биргеликтеги Муўапықластырыўшы топарын шөлкемлестириў усыныс етилди.

    Мәмлекетимиз басшысы санаат кооперациясын буннан былай да кеңейтиў мақсетинде машина қурылысы, энергетика, агросанаат, химия ҳәм басқа да тармақлардағы жойбарлар дизимин биргеликте қәлиплестириўди усыныс етти.

    Өзбекстанның Евроазия раўажланыў банкине қосылыўы мүнәсибети менен шерикликтиң стратегиялық бағдарларын биргеликте белгилеп алыў және тийкарғы инфраструктуралық ҳәм "жасыл" жойбарларды, киши ҳәм орта бизнести қоллап-қуўатлаўды қамтып алған "жол картасы"н ислеп шығыў усыныс етилди.

    Санлы технологиялар тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыў ҳаққында сөз болып, Өзбекстан Президенти бажыхана ҳәкимшилигин санластырыў ҳәм жүк тасыўдың "тигиссиз" моделине өтиў тийкарғы бағдар екенин атап өтти.

    - ЕЭК менен санлы платформаларды, соның ишинде, электрон саўда ҳәм санлы маркировканы өз-ара байланыстырыў бойынша "жол картасы"н таярлаўды усыныс етемиз, - деди Өзбекстан Президенти.

    Өзбекстан ЕАЭК технологиялық платформаларына, бәринен бурын, биомедицина, жаңа материаллар, агротехнологиялар, энергетика, робототехника бағдарларына қосылыўдан мәпдар.

    Мәмлекетимиз басшысы туристлик алмасыўларды хошаметлеў ҳәм туристлик өнимлердиң өз-ара байланыслылығын тәмийинлеў мақсетинде туризм тараўында интеграцияласқан мәлимлеме ресурсын қәлиплестириўге таяр екенин билдирди.

    Мәмлекетимиз басшысы сөзин жуўмақлап, Өзбекстанның Евроазия экономикалық аўқамы менен ҳәр тәреплеме ҳәм өз-ара пайдалы шерикликти кеңейтиў бағдарындағы умтылысы исенимли екенин атап өтти.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates