Мәмлекетимиз басшысы Түркия жетекшисине беккем денсаўлық ҳәм абаданлық, мәмлекетлик жумысында үлкен табыслар, туўысқан түрк халқына тынышлық-татыўлық ҳәм раўажланыў тиледи.

Президентлер, сондай-ақ, пүткил мусылман үммети ушын мүбәрек Рамазан айы менен бир-бирин қызғын қутлықлады.

Усы жылдың январь айында Анкара қаласында жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде Өзбекстан - Түркия кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў мәселелери көрип шығылды.

Мәмлекетлераралық бирге ислесиўдиң бүгинги жоқары дәрежеси қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Жақында болып өткен Стратегиялық бирге ислесиў кеңеси мәжилисиниң жуўмақлары еки тәреплеме қатнасықларды сапа жағынан жаңа басқышқа алып шыққаны атап өтилди.

Ислеп шығылған "жол карталары" тийкарында кооперациялық жойбарларды алға қойыўға айрықша итибар қаратылды.

Жетекшилер халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуаль мәселелер бойынша да пикир алысты, болажақ илажлар режесин додалады.