Жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде Өзбекстан - Сербия көп қырлы қатнасықларын және де раўажландырыўдың әҳмийетли тәреплери додаланды.

Товар алмасыўды көбейтиў ҳәм машина қурылысы, қайта ислеў, химия ҳәм электротехника санааты, фармацевтика, аўыл хожалығы, туризм ҳәм басқа да тармақларда кооперация бағдарламасын таярлаўға тийкарғы итибар қаратылды.

Гуманитарлық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, атап айтқанда, ректорлардың биринши форумын, сондай-ақ, кино ҳәм мәденият күнлерин өткериў әҳмийетли екени атап өтилди.

Жетекшилер халықаралық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша да пикир алысты, болажақ жоқары дәрежедеги илажлар режесин додалады.