Елимизде халық ушын заманагөй жәмийетлик орынлар, кеўилашар ҳәм мәдений дем алыў орынларын жаратыўға айрықша итибар қаратылмақта. Бундай жойбарлар қалалардың келбетин байытыў, адамлардың дем алыўы ушын қолайлы орталық жаратыў, жергиликли ҳәм сырт ел мийманларының ағымын көбейтиўге хызмет етеди.
Жаңа Ташкент қаласында дерлик 8 гектар майданда музыкалы фонтан комплексин қурыў режелестирилген.
Жойбарға бола, улыўма суў майданы 6,3 гектар болған бассейнде фонтан қурылып, 1,5 гектар майданда суў, музыка ҳәм жақтылық шоуларын өткериў имканияты жаратылады. Комплекс қурамында 232 метрге шекемги бийикликке суў шығаратуғын супер фонтан ҳәм диаметри 100 метр болған жүзиў платформасы болады.
Фонтан радиусы 185 метр болған айланба суў экранын қәлиплестирип, оған 360 градус өлшемдеги түрли көринислерди түсириў имканиятына ийе болады.
Сондай-ақ, күшли лазер нурларынан, динамикалық суў композицияларынан ҳәм ҳәр қыйлы визуал эффектлерден пайдаланыў нәзерде тутылған. Насос системалары, электр үскенелери, лазерли прожекторлар ҳәм басқа да техникалық қурылмалар жер астындағы еки қабатлы имаратта жайластырылады.
Суў сақлағыштың әтирапында жасыл аймақлар ҳәм хызмет көрсетиў объектлерин шөлкемлестириў нәзерде тутылған. Бул комплекс Жаңа Ташкенттиң ең дыққатқа ылайық орынларынан бирине айланыўы, қаланың архитектуралық көринисин байытыўы, мәдений илажлар, байрам ҳәм фестиваллар өткериў ушын және бир заманагөй майдан ўазыйпасын атқарыўы күтилмекте.
Мәмлекетимиз басшысы жойбардың мазмун-мәниси, техникалық шешимлери ҳәм аймақты комплексли абаданластырыў мәселелерине айрықша итибар қаратты. Келиўшилер ушын заманагөй саўда, гастрономия ҳәм сервис хызметлерин сапалы шөлкемлестириў зәрүр екенлигин атап өтти. Соның менен бирге, быйылғы жылы бул майданда Ғәрезсизлик байрамына бағышланған көтериңки илажларды өткериў зәрүрлиги атап өтилди.