Мәресим алдынан Өзбекстан миллий сайланды командасының футболшылары майданда сап тартты.
Мәмлекетимиз басшысы стадионда жыйналған ўатанласларымызды, футбол ықласбентлери, миллий сайланды команда ағзалары, тренерлер штабы ҳәм спорт жәмийетшилиги ўәкиллерин футбол байрамы менен қутлықлады.
Бул күн өзбек футболы ушын және бир тарийхый ўақыя екени, миллий сайланды командамыз АҚШ, Мексика ҳәм Канада майданларында болып өтетуғын жәҳән чемпионатына үлкен үмит ҳәм жақсы тилеклер менен узатылып атырғаны атап өтилди.
Президентимиз футболшыларымыз елимизге умытылмас ўақытларды инам еткенин атап өтип, оларға, оларды тәрбиялаған ата-аналарына, устаз ҳәм тренерлерине, миллий сайланды командамыздың барлық ағзаларына пүткил халқымыз атынан терең миннетдаршылық билдирди.
Мәресимде футбол ықласбентлериниң миллий сайланды командаға болған меҳир ҳәм садықлығы айрықша атап өтилди. Президентимиз жеңисли күнлерде де, қыйын ўақытларда да футболшылардың жанында болған, оларды бәрқулла қоллап-қуўатлаған ўатанласларымызға миннетдаршылық билдирди.
Фан-клублардың жумысына да айрықша тоқтап өтилди. Атап өтилгениндей, олар тек ғана миллий сайланды командамыздың ойынларын трибуналардан бақлап ғана қоймастан, ҳәр бир беллесиўде "он екинши ойыншы" ўазыйпасын атқарып, ойынға өзгеше руўх бағышламақта. Мәмлекетимиз басшысы жәҳән чемпионатында Өзбекстанда ҳәм сырт елде жасап атырған мыңлаған ўатанласларымыз қатарында футболшыларымызды да қоллап-қуўатлаўда даўам ететуғынына исеним билдирди.
Президентимиз футбол ҳәр бир шаңарақтың шын мәнисиндеги достына айланғанын атап өтти. Келешекте спортшылардың табысларынан руўхланған жас әўлад арасынан жаңа чемпионлар жетисип шығатуғынына исеним билдирилди.
Соңғы жыллары Жаңа Өзбекстанда спортқа қаратылып атырған итибар, ҳәр бир аймақта ири спорт объектлериниң қурылып атырғаны, орынларда профессионал футбол академияларының шөлкемлестирилгени, жақында жумыс баслаған Миллий футбол орайы жасларымыздың жаңа табысларға ерисиўи ушын беккем тийкар жаратып атырғаны атап өтилди.
Сондай-ақ, өткен жылы пайтахтымызда 100 гектардан аслам майданда бес ири спорт комплексин өз ишине алған Олимпиада қалашасының қурылысы жуўмақланғаны, Жаңа Ташкентте болса ФИФА стандартларына толық жуўап беретуғын 55 мың орынлық саўлатлы стадион қурылып атырғаны атап өтилди. Бундай заманагөй имаратлар елимизде абырайлы халықаралық жарысларды өткериў имканиятын береди, спортшыларымызға және де үлкен жеңислерди қолға киргизиўге хошамет береди.
Мәмлекетимиз басшысы миллий сайланды команда ағзаларына мүрәжат етип, халқымыз оларды үлкен футбол форумына жақсы тилеклер ҳәм үмитлер менен шығарып салып атырғанын атап өтти. Атап өтилгениндей, алдымызда Португалия, Колумбия ҳәм Конго сайланды командаларына қарсы әҳмийетли ойынлар күтип турыпты, соның ушын футболшылар майданға исенимли, пүткиллей пидайылық ҳәм исеним менен шығыўы керек.
- Есиңизде болсын, биз ҳәмийше сиз бенен бирге боламыз. Халқымызға тән мәртлик, жигерлилик ҳәм ерк-ықрар себепли сизлер гөззал ҳәм исенимли ойын көрсетип, бәршемизди қуўандыратуғыныңызға исенемиз, - деди Президент.
Соң Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик гимни жаңлады.
Президент Шавкат Мирзиёев Өзбекстан сайланды командасы ағзалары менен естелик ушын сүўретке түсти.
Концерт бағдарламасы қойып берилди. Илаж жуўмағында миллий сайланды команданың қадағалаў ойыны болып өтти.