3-мыс байытыў фабрикасы қурамына киретуғын корпустың өндирислик қуўатлылығы жылына дерлик 917 мың тонна мыс концентратын қурайды. Онда заманагөй санаат пресс-фильтрлери, насос агрегатлары, шлам ҳәм суўды айландырыў системалары орнатылған. Үскенелер халықаралық стандартлар тийкарында таярланған болып, жоқары өнимдарлық ҳәм энергия үнемлеўшилиги менен ажыралып турады.

Ҳәзирги ўақытта қурылыс жумыслары толық жуўмақланып, корпустың 5 пресс-фильтринен 3 и пайдаланыўға тапсырылған, және 2 и иске түсириў-созлаў процесинен өтпекте.

Фильтрлеў корпусында флотациядан кейин мыс концентратын қабыллаў, концентратты қойыўластырыў ҳәм фильтрлеў, тыныққан суўды ажыратыў ҳәм технологиялық процесске қайтарыў, таяр мыс концентратын сақлаў ямаса кейинги қайта ислеў басқышына өткериў сыяқлы технологиялық процесслер әмелге асырылады.

Бүгинги күнде бул жерде 130 ға шамалас хызметкер мийнет етпекте.

Мәмлекетимиз басшысы өндирис процеси ҳәм таяр өнимлерди көзден өткерди, жумысшылар менен сәўбетлести.

Усы жердиң өзинде Президенттиң қатнасыўында мыс концентратынан үлгилер алыў мәресими болды. Үлгилер 2 контейнерге салынып, Ташкент қаласындағы АКМК музейи ҳәм Мәмлекетлик геология музейине жиберилди.