Бул кәрханада идентификациялаўға мөлшерленген микропроцессорлы модуллер, SIM-карталар, транспорт, социаллық ҳәм халықаралық төлем карталарын ислеп шығарыў жолға қойылады.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 22-январьдағы "Электротехника санаатын раўажландырыўды жаңа басқышқа көтериў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарарында электротехника ҳәм оған байланыслы тармақларды раўажландырыў, жоқары қосымша қунлы жоқары технологиялық өнимлер ислеп шығарыўды хошаметлеў ўазыйпалары белгиленген.
Усы жумысларға муўапық, кәрхана санлы мәмлекетлик хызметлерди енгизиў, пуқаралардың күнделикли талапларын қанаатландырыў ушын қолайлы ҳәм қәўипсиз төлем системаларын қәлиплестириў ушын зәрүр қаржыларды ислеп шығарыўды режелестирген.
Баҳасы 15 миллион доллар болған бул кәрхана Германияның «Infineon Technologies» компаниясы менен биргеликте «Eltech Industrial» технопаркинде шөлкемлестирилмекте. Ҳәзирги ўақытта қурылыстың екинши басқышы 15 процентке орынланған болып, 7 миллион доллар инвестиция өзлестирилген.
4 гектар майданды иелеген заманагөй комплексте 100 ге шамалас жаңа жумыс орны жаратылады, 6 миллион долларлық өним экспорт етиледи.
Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, мәмлекетимиз 2025-жылы 35 миллион долларлық микропроцессор модуллери, SIM-карта ҳәм ҳәр қыйлы төлем карталарын импорт еткен.
Кәрхана толық қуўатлылыққа шыққанынан соң 5 миллион долларлық импорттың орнын басатуғын өнимлер ислеп шығарыўы күтилмекте.
Заманагөй кәрханада ислеп шығарылып атырған өнимлер Қазақстан, Тәжикстан, Қырғызстан, Мозамбик, Камбоджа сыяқлы бир қатар мәмлекетлерге экспорт етилиўи режелестирилген.
Мәмлекетимиз басшысы кәрханада жаратылып атырған шараятлар ҳәм технологиялық процесслер менен танысты. Бул завод, болжаўларға бола, өндирис көлеми бойынша ҒМДА мәмлекетлериндеги ең ири үш заводтың бирине айланады.
Жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыўда инновациялық көзқарасларды енгизиў, жергиликли кадрлардың потенциалын арттырыў, экспортты және де кеңейтиў бойынша көрсетпелер ҳәм усыныслар берилди.