Мәмлекетимиз басшысы өткен жылы 10-ноябрь күни медицина ҳәм фармацевтика тараўы хызметкерлери менен ушырасыўда медициналық хызметлердиң 30 проценти жеке меншик сектор тәрепинен көрсетилип атырғанын, медицина тараўында жеке меншик секторды қоллап-қуўатлаў ҳәм қосымша шараятлар жаратыў даўам еттирилетуғынын айтқан еди.

Усы мақсетлерге муўапық, көп тармақлы медицина орайларының жумысы ушын кең имканиятлар жаратылмақта.

Алмазар районында жайласқан “Sinomed” көп тармақлы медицина орайы бүгинги күнде акушерлик, педиатрия, хирургия, травматология, ортопедия, эндокринология сыяқлы барлық әҳмийетли бағдарларда хызмет көрсетпекте.

Бул орай 30 миллион доллар есабынан қурылып, заманагөй медициналық үскенелер Уллы Британия, Италия, Япония ҳәм Германиядан алып келинген.

Клиникада диагностикалық ҳәм стационар бөлимлер жумыс алып барады. Орай жылына 4 мың 500 ге шекем наўқас қабыллаў қуўатлылығына ийе. Бул жерде 300 ден аслам жумыс орны жаратылған, 80 ден аслам шыпакер жумыс алып бармақта. 60 тан аслам қәниге сырт еллерде, атап айтқанда, Қубла Корея, Германия, Түркия, Ҳиндстан, Япония ҳәм АҚШта тәжирийбе арттырған. Буннан тысқары, клиникада сырт елли қәнигелер де жумыс алып барады.

Орай қурамында Ташкент қаласында бир ўақыттың өзинде 30 ҳаял-қызға хызмет көрсетиў имканиятына ийе биринши жеке меншик туўыў комплекси ашылды. Келешекте емлеў орынларының санын көбейтиў режелестирилген. Сондай-ақ, емлеўханада балаларды емлеў ҳәм профилактикалық тексериўлер өткериледи.

Клиникада колл-орайлар ҳәм қәнигелескен патронаж бригадалары шөлкемлестирилген. Сондай-ақ, халықтың үйине барып, наўқасларды тексериў имканияты бар.

Буннан тысқары, бул жерде республикадағы ең ири жеке меншик вакцинация орайы, сондай-ақ, жеке меншик сектордағы бирден-бир стерилизация орайы шөлкемлестирилген.

Мәмлекетимиз басшысы көп тармақлы медицина орайында көрсетилип атырған хызметлер, наўқаслар ушын жаратылған шараятлар, амбулатор ханалар менен танысты.

Буннан тысқары, мәмлекетимиз басшысы аналық ҳәм балалық тараўында ҳәмиледарлықтан баслап туўыўға шекемги ҳәм туўыўдан кейинги дәўирде ҳаял-қызлар ушын таярланған системалы тәртип-қағыйдалар менен танысты.

- Акушерлик хызмети, туўыўға шекемги бақлаў ең әҳмийетли мәселелерден бири. Туўыў, әсиресе, биринши перзенттиң туўылыўы ҳаял ушын стресске айланбаўы керек. Ол турақлы медициналық тексериўден өтип, өз ўақтында емленсе, өзине ғамхорлық етиў, саламат аналық ҳәм балалық ҳаққында түсиник пайда етеди, - деди Президент.

Мәмлекетимиз басшысы көп тармақлы орайда шөлкемлестирилген балалар майданшасында ойнап атырған балалар менен сәўбетлести.

- Ең үлкен жетискенлигимиз - сизлердей шыпакерлер алған билимлерин елимизде әмелиятқа енгизип атырғаны. Соны да атап өтиў керек, жеке меншик медицинаны енгизиўде бәсекини умытпаў керек. Бәсеки болса, адамларда таңлаў болады. Егер жеке меншик медицина орайлары көбейсе, халық емлениў ушын жумсалған қаржыға жараса сапалы хызметлер алады, - деди мәмлекетимиз басшысы клиника жәмәәти менен сәўбетте.