Президентимиз Өзбекстан ҳәм Малайзия исбилерменлери арасында кең көлемли шерикликти раўажландырыў әҳмийетли екенин атап өтти

    Рәсмий сапар шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Малайзия Бас министри Анвар Иброҳим Куала-Лумпур қаласында биргеликтеги бизнес форумында қатнасты.

    Илажда еки мәмлекеттиң жетекши компаниялары, инвестиция ҳәм банк-финанс институтларының 200 ден аслам басшылары, соның ишинде, Малайзияның “Petronas”, “MMC Corporation”, “DRB-Hicom”, “Gemilang Coachwork”, “Proton”, “Gentari”, “Five Petroleum”, “YTL Corporation”, “Sunview Group”, “KPJ Healthcare”, “MK Tron”, “Mimos”, “Sparco Engineering”, “Tradewinds Group”, “Kapital DX”, “Gamuda”, “Westports”, “Khazanah”, “EXIM Bank of Malaysia” ҳәм басқа да көплеген компанияларының ўәкиллери қатнасты.

    Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде бүгин болып өткен жоқары дәрежедеги нәтийжели сөйлесиўлерде Өзбекстан-Малайзия шериклигин инновациялық раўажландырыўдың еки жыллық дәўирин баслаў бойынша келисимге ерисилгенин, әмелий бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары белгилеп алынғанын атап өтти.

    Өткен жылы Ҳүкиметлераралық комиссия ҳәм Исбилерменлер кеңеси шөлкемлестирилгени, еки мәмлекет исбилерменлериниң қатнасыўында бир қатар ири илажлар өткерилгени айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

    Еллеримиз географиялық жақтан бир-биринен узақ болыўына қарамастан, транспорт ҳәм логистика имканиятлары кеңейип бармақта. Пайтахтлар арасында дерлик ҳәр күни тиккелей авиақатнаўлар әмелге асырылмақта.

    Болып өткен сөйлесиўлерде бар резервлер терең талланып, көп қырлы шерикликтиң жаңа "өсиў ноқатлары" белгилеп алынды.

    Товар алмасыў көлемин есесине арттырыў, жеңиллетилген саўда ҳаққындағы келисимди ислеп шығыў, өз-ара көргизбе ҳәм ярмаркалар өткериў бойынша келисимлерге ерисилди. Биргеликтеги жойбарлардың салмақлы портфели қәлиплестирилди, Санаат кооперациясы бағдарламасы ислеп шығылды.

    - Мақсетимиз - қатнасықларды стратегиялық шериклик дәрежесине алып шығыў, - деди Президент.

    Малайзия Өзбекстанның әҳмийетли инновациялық ҳәм технологиялық шериги болып есапланады. Усы мәниде, мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан-Малайзия исбилерменлик бирге ислесиўин буннан былай да раўажландырыўдың бир қатар тийкарғы бағдарларын көрсетип өтти.

    Бул, бәринен бурын, электроника ҳәм ярымөткизгишлер санаатында узақ мүддетли бирге ислесиўди кеңейтиў болып есапланады. Жасалма интеллект, санлы технологиялар, мағлыўмат орайлары бойынша жойбарларды әмелге асырыў мүмкин екенлиги атап өтилди.

    Газ-химия ҳәм химия санааты әҳмийетли бағдар есапланады. Полимерлер, "жасыл" водород ҳәм аммиак ислеп шығарыў бойынша стратегиялық жойбарларды таярлаў үстинде жумыс алып барылмақта.

    Қурылыс тараўының жедел раўажланыўы инновациялық ҳәм экологиялық таза қурылыс материалларына талапты арттырмақта. Өзбекстан Президенти Малайзия компанияларын мәмлекетимиз аймақларында заманагөй өндирис қуўатлықларын шөлкемлестириў ҳәм кең көлемли дөретиўшилик жумысларында белсене қатнасыўға шақырды.

    Денсаўлықты сақлаў тараўындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиў перспективалары атап өтилди. Заманагөй клиникалар қурыў, Малайзияның алдынғы тәжирийбеси тийкарында инновациялық фармацевтика өнимлерин ислеп шығарыў солардың қатарына киреди.

    Азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўде үлкен имканиятлар бар екенлиги көрсетип өтилди. Усы көзқарастан, "ақыллы" аўыл хожалығы технологияларын енгизиў, органикалық өнимлер ислеп шығарыў ҳәм "ҳалал" стандартларын қолланыў бойынша биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўдан мәпдарлық билдирилди.

    Мәмлекетимиз басшысы Малайзияның жетекши компания ҳәм банклерин Өзбекстанның телекоммуникация, энергетика, банк-қаржы ҳәм басқа да тараўлардағы мәмлекетлик активлерди меншиклестириўде белсене қатнасыўға мирәт етти.

    Буннан тысқары, геология, билимлендириў, транспорт, зыярат туризми сыяқлы бағдарларда бирге ислесиў ушын үлкен потенциал бар екенлиги атап өтилди.

    Өзбекстан жетекшиси малайзиялы исбилерменлердиң биргеликтеги инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўға қызығыўшылығы үлкен екенин, олар технологиялар ҳәм билимлер менен ортақласыўға таяр екенин қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

    Усы мүнәсибет пенен Ташкент ўәлаятында Малайзия компаниясының басқарыўында арнаўлы экономикалық зона шөлкемлестирилетуғыны мәлим етилди.

    Сөзиниң жуўмағында мәмлекетимиз басшысы гезектеги биргеликтеги бизнес форумды усы жылы гүзде Өзбекстанда өткериўди усыныс етти.

    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates