Мәмлекетимиз басшысы дәслеп Самарқанд қаласындағы Жаслар креатив қалашасы ҳәм жәмийетлик бағды көзден өткерди.

Бүгинги күнде қала барған сайын кеңейип, үлкен мегаполиске айланбақта. Кейинги жыллары бул жерде жаңа турақ жайлар, социаллық инфраструктура объектлери қурылды, халықтың саны сезилерли дәрежеде көбейди. Әлбетте, бундай шараятта қалада жасыл аймақларды көбейтиў, жаңа бағ ҳәм аллеялар, халық ушын дем алыў орынларын жаратыўға талап артады.

Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен әмелге асырылып атырған "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңберинде ўәлаятта жылына 16 миллион түптен аслам терек егиледи. Усы жылдың бәҳәр мәўсиминде 6,3 миллион түп мийўели ҳәм саяманлы терек ҳәм пута нәллерин егиў режелестирилген болып, бул жумыслар ҳәзирги ўақытта ўәлаяттың барлық районларында жедел алып барылмақта.

Өзбекстан көшесиндеги бурынғы әскерий госпиталь орнындағы 5,4 гектар майданда 70 миллиард сумнан аслам қәўендерлик қаржылары есабынан "Жаслар креатив қалашасы" ҳәм "Жәмийетлик парк" шөлкемлестирилди.

Бул жерде мәдений мийрас объектлери дизимине киргизилген 5 имарат-объект болып, оларда заманагөй китапхана, көп тармақлы оқыў орайы, креатив дөгереклер, жасалма интеллект, 3D моделлестириў, робототехника ҳәм киберспорт орайлары жайласқан. Мәлимлеме-ресурс орайы, спорт заллары, жер асты экомузейи шөлкемлестирилген.

Жаслар бағы тек ғана дем алыў орны емес, ал IТ тараўын үйрениў ҳәм спорт шынығыўлары, стартап жойбарларды әмелге асырыў ушын қолайлы майданға айланады.

Жаңа бағда ўәлаят шахмат федерациясы да жайласқан. Бул жерде оқыў-шынығыў жыйынлары ҳәм жарыслар өткериў имканияты бар.

Балалар аттракционлары, фитнес заллары, стол тенниси, теннис кортлары, воркаут ҳәм мини-гольф майданшалары қурылған. Сондай-ақ, кекселердиң дем алыўы ушын орын шөлкемлестирилип, оннан аслам әйўанлар қурылған.

Президентимиз «Profi Deutsch». немис тили ҳәм имтихан орайының жумысы менен танысты.

Бул жойбардың әҳмийетли тәрепи - Самарқанд қаласында Орайлық Азияда биринши мәрте «Telc» имтихан орайы өз жумысын баслады. Орайда жаслар немис тилин үйренип, халықаралық «Telc» сертификатын алады. Бул сертификат ийелери Германияда дуал кәсиплик билимлендириў системасында оқыўын даўам еттиреди, сондай-ақ, жумысқа жайласыў имканиятына ийе болады. Усы жылы мәмлекетимиздиң басқа да аймақларында және бес усындай имтихан орайын ашыў режелестирилген.

Мәмлекетимиз басшысына "Муҳаммад ал-Хорезмий мийрасхорлары" жойбары шеңберинде әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында да мағлыўмат берилди. 8-11-класс оқыўшыларына санлы технологиялар ҳәм шет тиллерин терең үйретиў нәзерде тутылған. Оқыўды табыслы тамамлаған питкериўшилерге арнаўлы сертификатлар бериледи.

"Алоқа банк" мәсләҳәт орайы ҳәм Миллий банктиң исбилерменлик жумысын баслап атырған жасларға жеңиллетилген кредитлер ажыратыў, стартап жойбарларды қоллап-қуўатлаў бағдарындағы жумысы ҳаққында да мағлыўмат берилди. Сондай-ақ, Жаслар ислери агентлигиниң "Ибрат перзентлери", "Мутолаа", "Қызлар академиясы" жойбарлары менен танысты.

Мәмлекетимиз басшысы жаслар менен сәўбетлесип, олардың жойбарлары менен танысты. Атап айтқанда, "Замин" халықаралық жәмийетлик фонды тәрепинен әмелге асырылып атырған «Eco-schools Uzbekistan» жойбарында қатнасып атырған жас экоактивистлер 2026-жылға мөлшерленген режелер ҳаққында айтып берди.

- Жаңа Өзбекстанда жоқары технологиялы өндирис кәрханаларын шөлкемлестирип, жоқары дәраматлы жумыс орынларын жаратпақтамыз. Буны сиз, билимли жасларға сүйенип әмелге асырып атырмыз. Соның ушын өмириңиздиң ҳәр бир минуты келешегиңиз ушын хызмет етсин, китап болса досыңыз болсын. Илимди терең өзлестириў, дурыс жолға түсиў ушын инсанға итибар, сабыр-тақат, умтылыў зәрүр. Сизлердеги бул умтылыс ҳеш қашан сөнбесин. Сизлер билдирген усыныслар реформаларымыз идеясына үнлес болып, ҳәр қандай усыныс ҳәм басламаларыңызды қоллап-қуўатлаўға таярман, - деди Президент.

Жуўапкерлерге Самарқанд қаласында бундай заманагөй билимлендириў ҳәм дем алыў орайларын көбейтиў бойынша көрсетпелер берилди.