Елимиздиң металлургия тармағын жедел раўажландырыў, өндирис нәтийжелилигин арттырыў, ҳаял-қызлардың санаатқа тартылыўын кеңейтиўге қосқан мүнәсип үлеси, китапқумарлықты ғалаба ен жайдырыў бойынша улыўмамиллий ҳәрекетте белсене қатнасқаны, сондай-ақ, Жаңа Өзбекстан жаслары ушын үлги болатуғын мәртлиги, билими ҳәм маманлығы, мийнет сүйгишлиги ҳәм ўатансүйгишлиги ушын "Өзбекстан металлургия комбинаты" акционерлик жәмийетиниң қуйыў-прокат комплексиниң қәнигеси Примқулова Дилноза Фарҳод қызы Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық пенен сыйлықлансын.

Өзбекстан Республикасы Президенти

Ш.Мирзиёев.