Себеби, усы ҳәптеде қарақалпақ халқының көрнекли ўәкили ҳәм классик шайыр Бердақ Ғарғабай улының туўылғанына 197 жыл толыў мүнәсибети менен өткерилген ҳәм 1-декабр-қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн мүнәсибети менен өткерилген илажларда кафедра профессор-оқытыўшылары белсене қатнасты. Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының №03-РА 1-5357-санлы арнаўлы тапсырмасы ҳәм Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң 122-санлы буйрығы тийкарында университет тәрепинен белгилеп берилген республикамыз аймақлары ҳәм мектеплеринде «Руўхыйлық таратып» ҳәм «Мәнәўият ҳәптелиги» жойбарларын шөлкемлестириўде де өз белсендиликлерин көрсетти.
Атап айтқанда, бул бойынша журналистика кафедрасының профессор-оқытыўшылары, докторантлар, магистрантлар, жетекши жаслар ҳәм белсенди студентлер қатнасыўында Кегейли районындағы Нурлы бостан мәкан пуқаралар жыйыны ҳәм сол аймақда жайласқан 9-14-санлы улыўма орта билим бериў мектеплеринде руўхыйлық-ағартыўшылық илажларын көтериңки руўхта алып барды.
Мине усындай илажлардың бири 14-санлы мектепте өткерилди. Илажда журналистика кафедрасы баслығы Ж.Марзияев, кафедра профессоры Б.Палўанов, кафедра доценти Е.Жәримбетов ҳәм журналистика тәлим бағдарының белсенди студенти А.Нурлыбаевлар жасларға билимлендириў тарўында мәмлекетимизде әмелге асырылып реформалар ҳәм олардың әҳмийети, жасларға жаратып берилип атырған имканиятлар ҳаққында кең түрде айтып өтти.
Соның менен бирге, жақында уллы классик шайырларымыз Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллық, Бердақ Ғарғабай улына 197 жыл толыўы, 1-декабр қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күни мүнәсибетлери өткерилип атырған илажлар бойынша да кең түрде мағлыўматлар берди.
Илаждың екинши басқышында викторина ҳәм спорт ойынларына кең орын берилип, онда жаслар арасында ҳәр қыйлы логикалық сораў-жуўаплар өткерилди ҳәм шахмат-шашка жарыслары шөлкемлестирилди.
Илаж соңында викторина ҳәм спорт жарысларына белсенди қатнасқан оқыўшыларға кафедра профессор-оқытыўшылары тәрепинен таярланған баҳалы саўғалар инам етилип, алдағы ўақытлары бундай илажларды тез-тез шөлкемлестирип турыў, сондай-ақ, профессор-оқытыўшылар менен мектеп оқыўшылары биргеликте республикамыз бойлап медиа-турларды шөлкемлестириўге де келисип алынды.
Илаж барлық қатнасыўшыларда үлкен тәсир қалдырды.
А. Нурлыбаев,
Бердақ атындағы ҚМУ «Мәлимлеме хызмети ҳәм жәмийетшилик пенен байланыслар» тәлим бағдарының 3-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.