Бүгин күндиз жаўын-шашын болмайды, тек ғана Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм, Ташкент ўәлаятларында айырым жерлерде жаўын, Наўайы ўәлаятының арқа бөлиминде азырақ жаўын жаўады. Самалдың тезлиги 7-12 м/с, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң болыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы 18-23°, арқада 13-18°.
"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, пайтахтымызда ўақты-ўақты менен жаўын жаўады. Самалдың тезлиги 3-8 м/с, 10-12 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланыўы мүмкин. Температура 18-20°.
Таўлы аймақларда ўақты-ўақты менен жаўын жаўады. Самалдың тезлиги 7-12 м/с, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин.