"Өзгидромет"тиң хабар бериўинше, пайтахтта жаўын-шашын болмайды. Самал 3-8 м/с тезликте еседи.

Таўлы аймақларда айырым жерлерде жаўын-шашын (жаўын, қар) болады. Ташкент ҳәм Наманган ўәлаятларының таўлы аймақларында қар көшиўи қәўипли. Думан түсиўи мүмкин. Самалдың тезлиги 7-12м/с. Ҳаўаның температурасы 0-5гр суўық.